Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамлары ўәкиллери менен ушырасыў өткермекте

Мәмлекетимиз басшысы кәсиплик аўқамларының көп миллионлы ағзаларына өзиниң жоқары ҳүрметин ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.
– Биз бүгинги күнде өз алдымызға үлкен шеклер қойып, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолынан алға қарай исенимли қәдем таслап атырмыз.
Дүньяда геосиясий ҳәм экономикалық кескинлик ҳәўиж алып атырған ҳәзирги қыйын дәўирде елимизде тынышлықты беккемлеп, көп миллетли халқымыздың турмысын және де жақсылаўға беккем бел байлағанбыз.
Қаншелли қыйын болмасын, биргеликте қатты мийнет етип, ҳәр қыйлы сынақ ҳәм машақатлардан мүнәсип тәризде өтип бармақтамыз.
Бул бағдарда мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз, ҳәр бир ўатанласымыздың орны, қосып атырған үлеси шексиз, әлбетте.
Бүгинги дөгерегимизде өз өмирин инсан мийнетин, оның нызамлы мәплерин қорғаўдай ийгиликли иске бағышлаған, тараўда узақ жыллар нәтийжели хызмет етип, ҳүрмет ҳәм итибарға ерискен көплеген адамларды көрип турман, – деди мәмлекетимиз басшысы.
ӨзА