“Кибержынаятшылар”дан қорғаныў усылларын билиўимиз керек

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында бажыхана хызметкерлериниң қатнасыўында гезектеги оқыў сабағы өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасының хызметкери қатнасып, соңғы 10 жылда дүнья жүзинде пүткил дүнья жүзилик мәлимлеме тармағынан пайдаланыўшылардың саны дерлик еки есеге артқанлығын ҳәм халықтың 62,5 проценти ямаса 4,95 миллиард адам интернеттен пайдаланып атырғанлығын мәлим етти.
Атап өтилгениндей, статистикаға бола, жер жүзинде ҳәр 39 секундта киберқәўипсизликке қарсы ҳүжим жүз береди. Айырым есап-санақларға қарағанда, 2020-жылы кибержынаятлар ақыбетинде дүнья экономикасына 1 триллион АҚШ долларынан аслам зыян жеткерилген, Ал, 2025-жылы бул көрсеткиш 10 триллион АҚШ долларынан асламды қурайтуғыны болжанбақта.
Сондай-ақ, кибержынаят – ХХI әсирдиң жаңа қәўипи екенлиги, кибермәканда жүз берип атырған жынаятлардың алдын алыўдың әҳмийети атап өтилип, “кибержынаятшылар”дан абайлы болыўдың усыллары усыныс етилди.
Атап айтқанда, бийтаныс шахсларға паспорт мағлыўматлары, карта номери, СМС кодларды бермеў, телефонға келген гүманлы силтемелер (линклер) ди баспаў, “Сиз уттыңыз!,” “Пул табың!” сыяқлы гүманлы хабарларға исенбеў, тек ғана рәсмий қосымша ҳәм сайтлардан пайдаланыў, усындай жағдайда дәрҳал ҳуқық қорғаў уйымларына хабар бериў, телеграм арқалы келген арк файлды ашпаў, карта мағлыўматлары ҳәм парольлерди ҳеш кимге бермеў бойынша түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, социаллық тармақларда тарқатылып атырған жалған ўәделер ҳәм дағазаларға да исенбеў бойынша ҳәр тәреплеме түсиниклер ҳәм көрсетпелер берилип, бажыхана хызметкерлерине рәсмий каналға ағза болып, мәмлекетимизде жүз берип атырған кибержынаятлар мағлыўматларын билип барыўы мүмкин екенлиги усыныс етилди.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги