Қәўипсизлик уйымлары ҳәм разведка хызметлери басшыларының мәжилиси

91

Самарқанд қаласында ҒМДАға ағза мәмлекетлер қәўипсизлик уйымлары ҳәм разведка хызметлери басшыларының 21-мәжилиси өз жумысын баслады.

Мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған бул илажда Әзербайжан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанның қәўипсизлик уйымлары ҳәм разведка хызметлериниң басшылары қатнаспақта.

Дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәжилис қатнасыўшыларына мүрәжатын Президент жанындағы қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Маҳмудов оқып еситтирди.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң мүрәжатында бүгин дүньяда глобал геосиясий жағдай қыйынласып, дәстүрий шақырық ҳәм қәўип-қәтерлер күшейип, жаңалары пайда болып атырған шараятта дослық аўқамы мәмлекетлериниң халықаралық ҳәм регионаллық қәўипсизлик мәселелери бойынша позицияларын беккемлеў ҳәр қашанғыдан да зәрүр екенин атап өткен.

Илажда қатнасыўшылар заманагөй қәўип-қәтерлер бойынша пикир алысып, ҒМДА мәмлекетлери разведка хызметлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша гезектеги ўазыйпаларды додалайды.

Ушырасыў жуўмағында делегациялардың басшылары  регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша бирге ислесиўдиң анық ўазыйпалары ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилеп алыўы нәзерде тутылған.

Ғ. Ҳасанов, 

А. Исроилов (сүўрет), ӨзА