Институтта студентлер ушын жаратылған шараятлар таныстырылды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студент-жасларды ғалабалық спортқа кеңнен тартыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ҳәм спорт дөгереклериниң жумысларын сәўлелендириў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ушын медиа-тур шөлкемлестирилди.
Медиа-турға республикалық ҳәм жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер, блогерлер қатнасып, институтта спорт инфраструктурасын раўажландырыў, студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм саўалландырыў илажларын жолға қойыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
– Ҳәзирги ўақытта институтта 13 мыңға шамалас студент билим алып атырған болып, олардан күндизги тәлим бағдарларында оқып атырған жаслардың 62 проценти спорт дөгереклерине қамтып алынған. Институт спорт клубы, сондай-ақ, дене тәрбия ҳәм спорт кафедрасы тәрепинен ҳәр бир факультет кесиминде «Бес баслама олимпиадасы», «Студентлер лигасы», «Универсиада», «Министр кубоги» ҳәм «Ректор кубоги» сыяқлы спорт жарыслары турақлы өткериледи. Жәми 9 спорт түри – волейбол, баскетбол, футбол, шахмат, футзал, гандбол, кураш, жеңил атлетика ҳәм стол тенниси бойынша спорт дөгереклеринде жаслар турақлы түрде спорт пенен шуғылланбақта, – дейди институттың спорт клубы баслығының орынбасары Миралым Алланазаров.
Усы мақсетте институтта материаллық-техникалық базаны беккемлеў, жаслар ушын қосымша қолайлықлар жаратыўға айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, заманагөй стандартларға жуўап беретуғын 300 орынға мөлшерленген футбол стадионы, 100 орынлық баскетбол ҳәм волейбол майданшасы, жаңа спорт комплекси ҳәм спорт сарайы, 2 жабық спорт залы, 2 жасалма қапламалы мини футбол ҳәм сыртқы спорт майданшалары студент-жаслар ушын хызмет етпекте.
Мине, усындай шараятлар ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланып атырған студентлер спорт жарысларының республикалық басқышларында, сондай-ақ, мәмлекет бириншиликлери, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларында жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.
Айрықша атап өтиў орынлы, «Универсиада» спорт жарысларында институт спортшы студентлериниң қолға киргизген жетискенликлери нәтийжесинде 2019- ҳәм 2023-жылларда институтқа спорт инвентарьларынан ибарат Президент саўғалары тапсырылған болса, волейбол ҳәм регби-7 спорт түрлери бойынша институт студентлери мәмлекетимиздиң сайланды командасы қурамында Азия ҳәм басқа да халықаралық спорт жарысларында қатнасып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизип келмекте.
Сондай-ақ, спорт майданшалары, әсиресе футбол майданшасы усы аймақтағы мәкан пуқаралар жыйынларының жаслары ушын да жақсы хызмет етпекте.
Медиа-тур қатнасыўшылары спорт дөгереклериниң жумыслары, студентлердиң қолға киргизип атырған табыслары, жарыслардағы ерискен нәтийжелери ҳәм институтта жаратылған шараятлар ҳаққында толық мағлыўматларға ийе болды.

Медиа-тур институтта әмелге асырылып атырған спорт-саўалландырыў илажларын кең жәмийетшиликке жеткерип бериўде үлкен әҳмийетке ийе болды.
Мелиа-тур даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги