Параспортшылар ушын жаңа имканиятлар

Кейинги жыллары мәмлекетимизде параспортқа болған итибар жаңа басқышқа көтерилди. Буның нәтийжесинде жоқары нәтийжелерге ерисилмекте. Жәҳән көлеминде дизимге алынып атырған рекордлардың көпшилиги де бизиң ерк-ықрарлы параспортшыларымызға тийисли.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 30-январьдағы ПП-17-санлы пәрманы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 23-июльдағы 462-санлы қарары тийкарында енди пара спорт пенен шуғылланыўшы жаслар ушын қоллап-қуўатлаў механизми енгизилди.
Оған бола, жол ҳақы қәрежетлериниң қапланыўы:
Кәмбағал шаңарақлар реестриндеги 14-30 жасқа шекемги майыплығы болған перзентлер ушын ҳәр айда БЕМниң 1 есесине шекемги муғдарда қаржы.
Спортшыларды хошаметлеў:
6 ай даўамында турақлы параспорт дөгерегине қатнасқан 14-30 жастағы жаслар ушын БЕМниң 10 есесине шекемги муғдарда спорт формасы ҳәм инвентарь берилиўи нәзерде тутылған.
Бул имканиятлар пара спортшылардың жаңа шеклерди ийелеўине әҳмийетли басқыш ўазыйпасын атқарыўы мақсет етилген.
Шербек Исломов, ӨзА