Самарқанд қаласында ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлери басшылары Кеңесиниң 57-мәжилиси болып өтпекте

52

2025-жылдың 16-17-октябрь күнлери Самарқанд қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлери басшылары Кеңесиниң 57-мәжилиси өз жумысын баслады. Быйылғы илаж Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети тәрепинен шөлкемлестирилди.

Әнжуман алдында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәжилис қатнасыўшыларына қутлықлаў сөзи оқып еситтирилди.

Онда атап өтилгениндей, бул Кеңестиң ҳәр жылғы мәжилислери терроризм, экстремизм, наркотрафик, шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм басқа да заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын беккем тийкар жаратты.

Мәмлекетимиз басшысы Орайлық Азия регионында қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған бир қатар факторларға айрықша итибар қаратты.

Аўғанстандағы турақсыз жағдай, халықаралық террористлик топарлардың жумысы, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы ҳәм трансшегаралық шөлкемлескен жынаятшылық усылардың қатарына киретуғыны көрсетип өтилди.

Соның менен бирге, кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм жасалма интеллекттен ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўдың алдын алыў бойынша бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Президент глобал қәўипсизлик мәселесине айрықша тоқтап өтип, регион әтирапы ҳәм Жақын Шығыста жүз берип атырған келиспеўшиликлер ҳәммени терең тәшўишке салып атырғаны, олар экономикалық ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигине унамсыз тәсир көрсетип атырғанын атап өтти.

Бул факторлар жәҳән базарында саламат емес бәсекиниң күшейиўи, энергия дереклериниң баҳасының артыўына алып келмекте. Сондай-ақ, энергетика ҳәм транспорт тараўларында миллий ҳәм халықаралық жойбарларды әмелге асырыўға тосқынлық етпекте.

Өзбекстан Президенти усындай қыйын шараятта ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң арнаўлы хызметлери арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириў, экономикалық, энергетика ҳәм коммуникация системаларын турақлы раўажландырыў және азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде олардың ҳәрекетлерин бирлестириў әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.

ӨзА