Түркий мәмлекетлердиң жаслар ҳәм спорт тараўындағы бирге ислесиў преспективалары талланбақта

98

Ташкент қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер жаслар ҳәм спорт мәселелери бойынша министрлериниң 9-мәжилиси шеңберинде экспертлер конференциясы болып өтпекте.

Бүгин, 16-октябрь күни Спорт министрлигинде Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң экспертлер әнжуманы өз жумысын баслады.

Өзбекстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия мәмлекетлериниң жаслар ҳәм спорт мәселелерине жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың халықаралық бирге ислесиў бойынша жуўапкерлери қатнасып атырған мәжилислер даўамында қатнасыўшы мәмлекетлер арасында спорт ҳәм жаслар сиясаты тараўында бирге ислесиў байланысларын беккемлеў, узақ мүддетли келисимлерге ерисиў, ири спорт илажлары, сондай-ақ, жаслар ушын жаңаша жойбарлар шөлкемлестириў, перспективалы жойбарларды турмысқа енгизиў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланады.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми жаслар ҳәм спорт бағдарына жуўапкер министрлердиң 9-мәжилиси 17-октябрьге шекем даўам етеди.

 

Т.Рўзиев, ӨзА