Өзбекстан ҳәм Тәжикстан: Санластырыў тараўында бирге ислесиў

Бүгинги күнде санлы трансформация ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыўында шешиўши факторға айланбақта. Мәлимлеме технологияларын енгизиў тек ғана мәмлекетлик хызметлерди нәтийжели шөлкемлестириў емес, ал экономиканың барлық тараўларында ашық-айдынлық ҳәм оперативликти тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы мақсетте Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Душанбе қаласына сапары шеңберинде Тәжикстан Республикасы Президенти жанындағы Инновациялар ҳәм санлы технологиялар агентлиги директоры Хуршед Мирзо менен ушырасыў өткерди.

Сапар даўамында Агентлик басшысы тәрепинен мийманларға мәмлекетте санлы экономиканы раўажландырыў, мәмлекетлик хызметлерди электрон форматқа өткериў, мағлыўматлар алмасыў системаларын жаратыў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, Тәжикстанда ислеп шығылған санлы шешимлер, платформа ҳәм инновациялық бағдарламалар бойынша презентация өткерилип, олардың әмелдеги нәтийжелери көрсетилди.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасында санластырыў тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм еки мәмлекеттиң санлы экосистемаларын үйлестириў мәселелери додаланды.
Соның ишинде, мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме системалары арасында өз-ара интеграцияны күшейтиў, бажыхана мағлыўматларын санлы форматта алмасыў, мағлыўматларды жедел ҳәм қәўипсиз узатыў системасын жолға қойыў бойынша усыныслар алға қойылды.
Нигора Раҳмонова, ӨзА