«Соны қуўаныш ҳәм мақтаныш пенен айтпақшыман, Оксфорд университетиниң “Азия ҳәм Жақын Шығыс изертлеўлери” факультетинде енди өзбек ҳәм ески өзбек тиллери үйрениледи
87

Университеттен Президентимиздиң басшылығында Өзбекстанда ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм имканиятларын кеңейтиў бағдарында ерисилген жетискенликлердиң тән алыныўы сыпатында сыйлық қабыл еткенимнен қуўанышлыман.

Мырза Улығбектиң “Зижи Кўрагоний,” Әлийшер Наўайының “Хамса,” Ҳусайн Байқараның “Девони Ҳусайний,” Бабурийлер дәўирине байланыслы миниатюралар ҳәм басқа да көплеген бийбаҳа китаплар сақланып атырған Бодлиан китапханасы менен танысыў жыллы тәсир қалдырды» – деп жазады Саида Мирзиёева өзиниң телеграм каналында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги