Заманагөй шешимлер тийкарында жаңаланып атырған транспорт системасы, ири санаат жойбарлары халқымыз турмысын жақсылаўға хызмет етеди

51

 

Президент Шавкат Мирзиёев 15-октябрь күни Ташкент ўәлаятында жаңа халықаралық аэропорт жойбарының презентациясы менен танысты ҳәм бул үлкен комплекс қурылысының басланыўына бағышланған мәресимде қатнасты.

Избе-из раўажланып, үлкен мегаполиске айланып атырған Ташкент қаласына дүньяның түрли регионларынан саяхатшылар ҳәм исбилерменлер, инвесторлар ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлердиң келиўи көбейип бармақта. Анық санлар менен айтатуғын болсақ, Өзбекстан дүньяға кеңнен ашылғанынан соң сырт ел саяхатшыларының саны 3 миллионнан 10 миллионға артты. 2030-жылға барып, 15 миллионға жетеди.

Жақсы қоңсышылық байланысларының тикленгени, шегаралардың ашылғаны нәтийжесинде адамлар ушын регионымыз бойлап биймәлел ҳәрекетлениў имканияты жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылып атырған Жаңа Ташкент қаласы да қолайлы жайласыўы, инвестициялық тартымлылығы, жасаў ушын барлық шараятқа ийе болғаны себепли, оғада халық көп жыйналатуғын орынлардан бири болыўы күтилмекте.

Соған муўапық, транспорт инфраструктурасының барлық бағдарлары тең салмақлы раўажландырылмақта. Әсиресе, авиация тараўында жаңа экосистеманы қәлиплестириў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, аймақлардағы 7 халықаралық аэропорт заман талаплары тийкарында реконструкцияланбақта.

Мойнақ, Қоқанд, Замин, Шаҳрисабз, Сариосиё, Сўх районларында жаңа аэропортлар қурылып, олардың саны 18 ге жеткерилди.

Ең әҳмийетлиси, тараўда бәсеки орталығы жаратылғаны себепли 15 жаңа авиакомпания пайда болды. Олардың авиапаркиндеги ҳаўа кемелериниң саны 26 дан 105 ке жетти.

Ҳәзирги ўақытта Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Корея, Қытай, Ҳиндстан, Малайзия, Түркия, Россия, Польша сыяқлы мәмлекетлердиң 51 авиакомпаниясы Өзбекстанға турақлы қатнаўларды әмелге асырмақта.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде келешекте де транспорт инфраструктурасы жедел раўажландырылатуғынын атап өтти.

Соның ишинде, келеси бес жылда авиапарктеги ҳаўа кемелери 180, жөнелислер 230 ға, жергиликли ҳәм халықаралық авиақатнаўлар саны болса жылына 200 мыңға жеткериледи. Аэропорт инфраструктурасын жеке меншик шериклик тийкарында раўажландырыў бойынша илажлар избе-из даўам еттириледи.

– Бул реформаларымыздың соңғы нәтийжесинде Өзбекстанды Шығыс ҳәм Батыс, Қубла ҳәм Арқаны байланыстыратуғын ири авиация хабына айландырыўды мақсет еткенбиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жаңа халықаралық аэропорттың қурылысы оған үлкен тийкар болатуғыны атап өтилди.

Таллаўларға бола, соңғы сегиз жылда пайтахтқа авиажолаўшылар ағымы үш есеге артып, жылына 9 миллионға жетти. 2040-жылға барып, 24 миллионнан асады. Бирақ жылына 11 миллион адамға хызмет көрсететуғын ҳәзирги аэропорт қала аймағында жайласқаны ушын оны кеңейтиў имканияты жоқ. Сол себепли, тараўдағы жетекши сырт елли экспертлер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери менен талқылап, Орта Шыршық ҳәм Төменги Шыршық районларындағы 1 мың 300 гектар майданда жаңа халықаралық аэропорт қурылмақта.

Саудия Арабстанының “Vision Invest”, Японияның “Sojitz” ҳәм Кореяның “Incheon” компанияларының қатнасыўындағы халықаралық консорциум менен биргеликте әмелге асырылатуғын жойбар төрт басқыштан ибарат болып, биринши басқышта 2,5 миллиард доллар есабынан аэровокзал ҳәм аэродром қурылады. Бул арқалы терминаллар арқалы жылына 20 миллион жолаўшы ҳәм 129 мың тонна жүк өткериў, саатына 30 ушыў-қоныў операциясын орынлаў, 14 телескоплық траплардан пайдаланыў ҳәм бир ўақыттың өзинде 62 ҳаўа кемесин сақлаў имканияты жаратылады.

Бул аэропорт авиация хызметлериниң сапасын арттырыў, пәрўазлардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, техникалық жақтан тәртипке салыў бойынша Халықаралық пуқаралық авиациясы шөлкеминиң талапларына толық жуўап береди.

Ең алдынғы аэронавигация ҳәм пәрўазлар қәўипсизлигин тәмийинлеў системалары орнатылып, ҳәр қандай ҳаўа-райы шараятында самолётларды қабыл етиў мүмкин болады.

Және бир әҳмийетли тәрепи, бул жойбар “жасыл” стандарт принциплерине жуўап беретуғын региондағы биринши аэропорт болады. Терминалда 46 мың квадрат метрлик “Duty free” зонасы шөлкемлестириледи.

Жаңа аэропортты қурыў арқалы мультимодал транспорт байланысы шөлкемлестириледи. Бул аймақ Ташкент – Самарқанд, Ташкент – Әндижан, Ташкент – Бостанлық төлемли автомобиль жолларына жалғанады. Бул жерде заманагөй темир жол станциясы қурылып, тезжүрер поезд қатнаўы жолға қойылады. Пайтахт ҳәм Жаңа Ташкент орайлары шаттл транспорт хызметлери арқалы байланысады.

Ең тийкарғысы, жаңа аэропорт экономикалық жақтан да мәмлекет ушын тартымлы болып, бул жойбар мәмлекетимизге 27 миллиард доллардан аслам дәрамат келтиреди. Елимизде хызмет көрсетиў, өндирис, туризм тараўларының және де раўажланыўына, жаңа жумыс орынларының ашылыўына үлес қосады.

Мәмлекетимиз басшысы илажда қатнасып атырған сырт елли бирге ислесиўшилер, қаржы шөлкемлери, туристлик компаниялардың ўәкиллерине миннетдаршылық билдирди. Жаңа аэропорттың қурылысында қатнасатуғын барлық қәнигелер, инженерлер ҳәм қурылыс топарына жоқары исеним билдирди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев жаңа Ташкент халықаралық аэропортының тырнағына капсула қойып, қурылысын баслап берди.

Усы күни Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласының Яккасарай районында болып, Шота Руставели көшесинде әмелге асырылған реконструкция жумысларын көзден өткерди.

Жол инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм транспортлардың ҳәрекетине қолайлық жаратыў халық саны турақлы артып, аймағы кеңейип атырған Ташкент ушын әҳмийетли мәселе. Сол себепли, тегис жоллар, саўлатлы көпирлер қурылып, заман талапларына сай оңланбақта.

Шота Руставели көшеси пайтахтымыздың бир неше районларын байланыстыратуғын орайлық жол болып есапланады. Транспортлардың ҳәрекетлениўине қолайлық жаратыў мақсетинде оның Миробод көшесинен Чоштепа көшесине шекемги дерлик 7 километрлик бөлеги реконструкцияланды.

Енди 10 қатнаў бөлегине бөлинген жолдың 6 полосасында автомобильлер, арнаўлы ажыратылған 2 жөнелисте автобуслар ҳәрекетленеди. Қалған 2 жол болса автомобильлер тоқтап турыўы ушын мөлшерленген.

Президентимиз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери менен биргеликте автобуста жүрип, қолайлықларды көрди, жолаўшылар менен қызғын сәўбетлести.

Көше ортасында раўажланған мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбесинен келип шығып, BRT (Bus Rapid Transit) системасы тийкарында ажыратылған автобус жолы Ташкент қаласында биринши мәрте әмелиятқа енгизилди. Бул жәмийетлик транспорт қатнаўын тезлестирип, жолаўшыларға қолайлықларды жақсылады.

Улыўма баҳасы 19,2 миллион долларлық бул жойбардың нәтийжесинде жолаўшы ағымы саатына 2 мың 500 ден 6 мыңға артты. Сондай-ақ, суткасына 40 мың автомобильди өткериў имканияты жаратылып, орташа тезлик саатына 23 километрден 30 километрге жеткерилди.

Ең әҳмийетлиси, бул өзгерислер нәтийжесинде қәўипсизлик дәрежеси артып, жол-транспорт ҳәдийселери азаяды.

Жойбар шеңберинде автобуслар тоқтаўы ушын 21 жаңа бәндирги, 463 “ақыллы” светофор орнатылды. Интеллектуаллық транспорт системасы енгизилди. Жол бойында автомобильлердиң тоқтап турыўы ушын да шараят инабатқа алынған.

Сондай-ақ, велосипед жоллары, жасыл аймақлар, суўғарыў ҳәм дренаж системалары қурылды.

Бул жерде Ташкент қаласында өз алдына ажыратылған автобус жолларын узайтыў, қала әтирапында транспорт байланысларын шөлкемлестириў жойбарлары таныстырылды.

– Егер метро жолларын қурмағанымызда, жаңа автобуслар алып келмегенимизде бүгин Ташкентте транспорт қатнаўы қыйын болар еди. Соның ушын адамларды разы етиў көзқарасынан жолларды дурыслап атырмыз, жәмийетлик транспортты раўажландырып атырмыз. Бундай жумысларды барлық қалаларымызда даўам еттиремиз, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге жәмийетлик транспорт ушын қолайлықларды арттырып, тығылысты азайтыў, қаланы Жаңа Ташкент пенен нәтийжели байланыстырыў бойынша тапсырмалар берди.

Шота Руставели көшесиниң жаңа келбети тек ғана пайтахт гөззаллығын арттырып қоймастан, ал Ташкенттиң заманагөй ҳәм интеллектуал транспорт системасына қәдем қойғанын көрсетеди.

Мәмлекетимиз басшысы пайтахтымыздың Янгиҳаёт районындағы “Янги авлод” арнаўлы санаат зонасындағы алюмин қадақ ислеп шығарыў, салқын ишимликлер қуйыў кәрханасының жумысы менен танысты.

 

Соңғы жыллары мәмлекетимизде санаатластырыў сиясаты жаңа басқышқа көтерилди. Өзине тән өндирис қуўатлылығы ҳәм халықаралық технологиялық стандартлар тийкарында экономикалық өсиў модели қәлиплести.

“Янги авлод” арнаўлы санаат зонасы Президентимиздиң 2024-жыл 20-марттағы тийисли қарарына тийкарланып шөлкемлестирилген. Ол заманагөй өндирис инфраструктурасы, қолайлы логистика имканиятлары ҳәм инвесторлар ушын жаратылған кең имканиятлар менен ажыралып турады.

Аймақтағы перспективалы жойбарлардан бири “East Can Solutions” компаниясы тәрепинен әмелге асырылмақта. Бул жерде алюмин қадақ ислеп шығарыў ҳәм салқын ишимликлер қуйыў комплекси шөлкемлестирилди.

Президентимиз жойбардың перспективасы, ол жерде таярланып атырған өнимлердиң көргизбеси менен танысты. Усы жерде жойбарға рәсмий старт берилди.

Кәрхана 21 гектар аймақта жайласқан. Баҳасы 90 миллион доллар болған бул жойбар тийкарынан сырт ел инвестициялары есабынан қаржыландырылмақта.

Орайлық Азиядағы санаўлы кәрханалар қатарына киретуғын бул комплекс АҚШ, Уллы Британия, Италия ҳәм Германияда ислеп шығарылған заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Өндирис процеси болса толық санластырылған.

Кәрхананың қуўатлылығы басқышпа-басқыш арттырып барылады. Биринши басқышта жылына 600 миллион дана, кейинги басқышларда болса 1,1 миллиард ҳәм 2,2 миллиард дана алюмин қадақлаў өнимлери ислеп шығарылады. Бул көрсеткишлер тек ғана ишки базардың талабын қанаатландырыў емес, ал регионаллық көлемде бәсекиге шыдамлы өнимди экспорт етиў имканиятын да жаратады.

Жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде 60 миллион долларлық импорттың орны қапланып, 20 миллион долларлық экспорт имканияты жаратылады.

Локализациялаў дәрежеси 90 процентке жеткериледи. Итибарлы тәрепи, кәрханадағы барлық жойбарлар толық иске қосылыўы менен 500 жаңа жумыс орны жаратылады. Бюджет ушын болса салмақлы салық түсимлери тәмийинленеди.

Президентке бул жерде “Янги авлод” арнаўлы санаат зонасында әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Жуўапкерлер санаат зонасының улыўма раўажланыў стратегиясы, локализациялаў, санластырыў ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша исленген жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.

Бул жерде азық-аўқат, электротехника, машина қурылысы, химия ҳәм қурылыс материаллары бағдарларында жәми 1 миллиард 200 миллион долларлық 58 жойбар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысына олардың 28 и таныстырылды. Жақын келешекте әмелге асырылатуғын бул басламалардың нәтийжесинде 7 мың 600 жаңа жумыс орны жаратылады.

Олар тек ғана экономикалық нәтийже емес, ал жаңа жумыс орынлары, экспорт потенциалы ҳәм жергиликли өндирис тармақларын раўажландырыў арқалы социаллық турақлылыққа да хызмет ететуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы “Anglesey Food” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң өнимлерди сақлаў ҳәм бөлистириў орайының жумысын да барып көрди.

“Янги авлод” арнаўлы санаат зонасы аймағында шөлкемлестирилген бул кәрхана “Korzinka” дүканлар тармағы ушын өнимлерди сақлаў, сайлап алыў ҳәм қадақлаў хызметлерин көрсетеди.

Кәрхана 10 гектар майданда жайласқан болып, 49 мың квадрат метр аймаққа қоймахана жайластырылған. Қурылыс материаллары ҳәм музлатқыш камералары ушын үскенелер Қытай, Түркия, Беларус ҳәм Россия мәмлекетлеринен алып келинген, барлығы “EDGE Advanced” халықаралық сертификатына ийе.

Бул жойбар Орайлық Азиядағы “А” класына киретуғын ең ири бөлистириў орайы есапланады. Бир ўақыттың өзинде 145 дәрўазада тегислеўши үскенелер жүкти жүклеў ҳәм түсириў имканиятына ийе.

Орайда 4 түрли температуралы аймақ бар. Сонлықтан, өнимлер түрине қарап музлатқышта, төмен температуралы суўытыў камераларында ҳәм қурғақ жерде сақланады.

Сондай-ақ, орайда күни-түни ислейтуғын 96 сынаў усылына ийе арнаўлы лаборатория қурылады. 1 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Танысыў жуўмағында болып өткен жәмийетшилик ўәкиллери менен сөйлесиўде ақылға уғрас экономикалық сиясат ҳәм инвесторлардың оған исеними ҳаққында сөз болды.

– Соңғы сегиз жылда 130 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы кирип келди, бул қаншадан-қанша завод ҳәм кәрханаларға айланды. Бүгин де және бир үлкен жойбар – жаңа халықаралық аэропорттың қурылысын басладық. Оған Саудия Арабстаны, Япония, Корея инвестиция киргизбекте. Бул өз-өзинен болмайды. Бул – мәмлекетимиз келешегине болған үлкен исеним белгиси, – деп атап өтти Президентимиз.

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятының Төменги Шыршық районындағы “ТСТ Rice” салыгершилик кластериниң жумысы менен де танысты.

Бул жуўапкершилиги шекленген жәмийетте салы жетистириў ҳәм оны терең қайта ислеў бойынша толық санаат шынжыры жаратылған.

Айтып өтиў керек, алдын салыгершилик жумысы избе-изликте шөлкемлестирилмегени ушын дурыс дәрамат ала алмайтуғын еди. Әсиресе, салыны қайта ислеўде көплеген машқалаларға дус келетуғын еди. Соңғы жыллары айрықша итибар себепли тараўда сапа өзгерислери басланды, нәтийжелилик артты.

Ҳәзирги күнде Ташкент ўәлаятында да салы жетистириў тармағында белгили жетискенликлерге ерисилмекте.

Ўәлаятта быйылғы жылдың өними ушын 8,7 мың гектар салы егилди. Суўды үнемлейтуғын технологиялар ушын 3 мың гектар жер лазерли тегисленди. Нәтийжеде ўәлаят бойынша 60 миллион куб метр суў үнемленди, 522 тонна туқымның жумсалыўы азайды.

Соның ишинде, “TCT Rice” кластери тәрепинен 2 мың гектардан аслам майданда “Искандар”, “Гулистон”, “Нукус” сортлары егилип, тәрбияланған.

Ҳәзирги күнде 985 гектар майданда салы жыйнап алынып, гектарынан орташа 65-70 центнерден, айырым атызларда 80-85 центнерден зүрәәт алынды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде фермерлер, аўыл хожалығы ветеранлары менен сәўбетлести. Олар зүрәәтли сортлар ҳәм жаңаша агротехнологиялар себепли мийнеттен мәпдарлық артып атырғанын айтты.

– Бүгин барлық тараўда илимге, инновацияға, алдынғы технологияларға сүйенип атырмыз. Аўыл хожалығында да базар принциплерин енгизип, дәраматты арттырмағанда бүгингидей зүрәәтлилик болмас еди. Соңғы ўақытлары тәбият өзгерип, суў жетиспеўшилиги артпақта. Енди дийқанлар буған бейимлесип ислеўи, тамшылатып суўғарыў, суўдан үнемлеп пайдаланыўды үйрениўи керек, – деди Президент.

Тараўдағы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў, илим менен мийнет өнимдарлығын арттырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Жуўапкерлерге зүрәәтли сортларды көбейтиў, қайта ислеўди күшейтиў, суўды үнемлейтуғын технологиялардан нәтийжели пайдаланыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

 

ӨзА