АҚШта снаряд заводы жарылды

АҚШтың Теннесси штатында жайласқан “Accurate Energetic Systems” (AES) әскерий снаряд ислеп шығарыў заводында жүз берген күшли жарылыў ақыбетинде қайтыс болған шахслардың атлары рәсмий түрде жәрияланды.
10-октябрь күни азанда Хикман округинде жүз берген ҳәдийседе жумысшылардан ҳеш ким тири қалмаған. Хикман ҳәм Хэмфрис округлери шерифлери Жейсон Крафт ҳәм Крис Дэвис баспасөз әнжуманында қурбанлар дизимин оқып еситтирди ҳәм олардың шаңарақларына жәрдем көрсетиў зәрүрлигин атап өтти.
Атап өтилиўинше, жарылыў себеби еле анықланбаған. Ҳәзирги ўақытта спиртли өнимлер, темеки, қурал ҳәм жарылыўшы затлар бойынша федерал бюро (ATF) тәрепинен тергеў алып барылмақта.
Ҳәкимият ўәкилиниң атап өтиўинше, атлардың жәрияланыўы денелер толық табылғанын аңлатпайды – идентификация процеси даўам етпекте.
Апатшылық орнында ҳаўадан алынған көринисте жанған машиналар, ўайран болған имаратлар көринеди. Геология хызмети жарылыў күшиниң 1,6 магнитудалы жер силкиниўге тең болғанын атап өткен.
Дилшод Ҳакимов, ӨзА