НАТО басшысы Россия суў асты кемесин сынға алды

71

НАТО Бас хаткери Марк Рютте Россияның суў асты кемеси менен байланыслы ўақыяға ҳәзил аралас сын көзқараста мүнәсибет билдирди. Оның сөзлерине бола, “Новороссийск” насаз жағдайда ҳәм сол себепли “руслар ҳәзир механик излеп жүр”.

РФ Қара теңиз флоты болса кемеде ҳеш қандай техникалық машқала жоқлығын атап өткен. Жуўап баянатында дизель-электр суў асты кемеси Франция жағалаўы жанында Инглис каналы бойлап навигация қағыйдасына әмел етиў ушын суў бетине шыққан. Бул әмелият режедеги “флотлар аралық транзит” талабы.

Нидерландия қорғаныў министрлиги ҳәм НАТО дереклери болса басқаша мағлыўмат берди. Яғный, кеме Арқа теңизде тартылып баратыр.

Рютте Словенияда шығып сөйлеп, россиялы әскерий-теңиз күшлериниң ҳәлсирегенин мысқыллы айтып өтти. Сондай-ақ, Россияның Жер Орта теңизиндеги әскерий потенциалы “дерлик жоғалып кеткени”н айтты.

Басқа дереклер кемеде жанылғы сызып шығыў ҳәдийсеси жүз бергенин, нәтийжеде жарылыў қәўпи артқанын айтқан.

НАТО Теңиз сәркардалығы 9-октябрь күни социаллық тармақ арқалы Франция теңиз флоты суў бетинде ҳәрекетленип атырған рус суў асты кемесин бақлап атырған сүўретлерди тарқатты. Шөлкем “Атлантика аймағында турақлы сергеклик ҳәм қәўипсизликти сақлаўға таярмыз”, деп де билдириў берген.

Министрлик те “Новороссийск” кемесин бақлап атырған “Яков Гребелский” тартқыш кемесин Арқа теңиз арқалы бақлағанын тастыйықлады.

ТАСС мағлыўматына бола, 2014-жылы хызметке кирген “Новороссийск” Калибр қанатлы ракеталары менен үскенеленген Қара теңиз флоты суў асты кемелери топарына киреди.

Қәнигелердиң пикиринше, бул ўақыя Россия теңиз флотының техникалық жақтан ҳәлсирегенин ҳәм НАТО менен геосиясий бәсеки кескинлескенин және бир мәрте көрсетти.

Мусулмон Зиё, ӨзА