Газаны бөлистириў басланды ма? (+видео)

118

Тутқындағы шахсларды азат етиў турақлы тынышлық жолындағы биринши қәдем ғана. ҲАМАСты қуралсызландырыў ҳәм Израиль әскерлериниң аймақтан толық шығып кетиўине байланыслы көплеген мәселелер еле келисип алыныўы керек. 29-сентябрь күни АҚШ Президенти ҳәм Израиль Бас министри Газадағы урысты сапластырыў бойынша жаңа режени жәриялады. 20 бәнттен ибарат бул ҳүжжет Египет, Қатар, Түркия сыяқлы бир қатар араб ҳәм мусылман мәмлекетлери менен келисилгени айтылмақта.

Трампты Газадағы урысты тоқтатыўға ийтермелеген ўақыя Израильдиң Дохаға ҳүжими екени болжанбақта. Қатар АҚШтың исенимли шериклеринен бири. Ядыңызда болса, ҲАМАС сөйлесиўшилерине қастыянлық етиў нәзерде тутылған бул ҳүжим Қатардың аймақлық пүтинлигин бузып, сәтсизликке ушыраған еди. Соның менен бирге, Израильдеги ишки сиясий келиспеўшилик себепли Трамп та Биньяминь Нетаньяху ҳүкиметине басым өткериў имканияты пайда болды.

8-октябрь күни Америка басшысы Израиль ҳәм ҲАМАС келисимге ерискенин ҳәм биринши басқышта шәртнамаға қол қойғанын жәриялады. Ҳүжжетке муўапық, отты тоқтатыў ҳәм адамгершилик ҳәрекетлери әмелге асырылыўы, 72 саат ишинде барлық тири Израиль гиреўиндеги шахслар азат етилиўи ҳәм қайтыс болғанлардың денеси қайтарылыўы керек.

Буннан тысқары, Израильдеги палестиналы тутқынлар, соның ишинде, өмирликке қамаққа алынған 250 адам ҳәм урыс басында тутқынға алынған 1700 адам азат етиледи. Екинши басқышта болса ҲАМАСтың ҳүжим инфраструктурасы, яғный жер асты жоллары жоқ етилиўи нәзерде тутылған. Газа “экстремизмнен жырақ, терроризмсиз ҳәм қоңсыларына қәўип туўдырмайтуғын аймақ”қа айланыўы керек.

ҲАМАС ағзаларына тынышлыққа садық қалыў шәрти менен амнистия усыныс етиледи. Шығып кетпекши болғанларға қәўипсиз жол тәмийинленеди. Сондай-ақ, секторға АҚШ, араб ҳәм Европа ўәкиллеринен ибарат ўақытша халықаралық турақластырыўшы күшлер жайластырылады. Олар қәўипсизликти тәмийинлеў, Палестина полиция күшлерин таярлаўға жәрдем береди.

Режениң үшинши басқышы Газада палестиналы технократлар басшылығында, халықаралық мәкеме қадағалаўы астында ўақытша ҳәкимшилик шөлкемлестириледи. Бул структура күнделикли турмысты басқарады, инфраструктура тиклениўин қадағалайды.

Гуманитарлық жәрдемниң бөлистирилиўи нәтийжели ҳәм әдалатлы өтиўи ушын жағдай БМШ, Қызыл ярым ай жәмийети сыяқлы халықаралық шөлкемлер қадағалаўында болады. Палестиналыларды Газада қалыўға ийтермелеў ушын өз жәмәәтлерин тиклемекши болғанларға қоллап-қуўатлаў усыныс етиледи.

“Палестина мәмлекетин тән алыў мәселеси не болады?” деген сораў бәршени қызықтыратуғыны тәбийғый. Реже бойынша Палестина мәмлекети “Палестина халқының әрманы” сыпатында тән алынады, бирақ АҚШтың рәсмий тән алыўы ўәде етилмейди.Трамптың стратегиясына бола, Палестина ҳәкимшилигинде зәрүр реформалар әмелге асырылғаннан кейин ғана мәмлекетшилик статусы додаланыўы мүмкин.

Израиль ҳәм палестиналылар арасында узақ мүддетли тынышлыққа ерисиў ушын сиясий структура жаратыў бойынша сөйлесиў басланады. Газаны технократлардан ибарат, сиясий емес палестиналы комитет басқарады. Күнделикли хызмет ҳәм жергиликли басқарыў ушын жуўапкер болатуғын бул структура қурамына тәжирийбели палестиналылар ҳәм халықаралық экспертлер тартылады. Оларды халықаралық ўақытша шөлкем – “Тынышлық кеңеси” қадағалайды. Трамп басшылық ететуғын бул Кеңестиң итималлы ағзалары арасында Уллы Британия бурынғы бас министри Тони Блер де бар. Басқа талабанлар ҳәзирше белгисиз.

Алдын баспасөзде кескин пикир таласқа себеп болған, АҚШ ҳәм басқа мәмлекетлер тәрепинен Газа бөлип алыныўы ямаса бөлистирилиўи айтылған реже усы болыўы мүмкин бе? Газаны технократлардан ибарат комитет басқарса, комитет басшысы болса Палестинаны ҳеш қашан мәмлекет сыпатында тән алмайтуғын АҚШ жетекшиси болса…

Гүманлы емес пе?!

Кенжа Бекжонов, Анвархўжа Аҳмедов, ӨзА