Криштиану Роналду және бир рекорд орнатты

Европа континентинде өтип атырған “ЖЧ-2026” сайлап алыўының 4-турында Португалия өз майданында Венгрия сайланды командасы менен 2:2 есабында теңбе-тең ойнаған.
Бул ушырасыўда Криштиану Роналду дублға еристи ҳәм Жәҳән чемпионаты сайлап алыў ойынларында 41-голдың авторы болды. Нәтийжеде Роналду сайлап алыў басқышында гол урыў бойынша жәҳән рекордын орнатты. Усы тәризде, Роналду 2016-жыл 6-сентябрьден берли бул бағдарда рекорд ийеси болып киятырған гватемалы Карлос Руисти (39 гол) артта қалдырды. Айтпақшы, Лионел Мессидиң Жәҳән чемпионаты сайлап алыўдағы голларының саны 36 ны қурайды.
Еслетип өтемиз, Криштиану Роналдуниң сайланды командасындағы голлардың саны 143 ке жеткен болса, жумысы даўамында жәми 948 гол урыўға ерискен.
Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА