Саяхатлардың мийнет нәтийжелилигинде әҳмийети жоқары

110

Энергетика тараўы хызметкерлери ҳәм тараў нураныйлары ушын мәдений-ағартыўшылық саяхатлар шөлкемлестирилди.

Атап айтқанда, «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы ҳәм кәсиплик бирлеспелер аўқамы комитети тәрепинен 30 дан аслам хызметкер Тахтакөпир районында жайласқан «Қаратерең» туристлик орайына саяхат ушын жиберилди.

Олар жаңадан ашылған комплекстиң шөлкемлестирилиў тарийхы, туристлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Әсиресе, соңғы ўақытларда туристлик зона сыпатында елимизде ишки туризмди раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып киятырған Қаратерең көли саяхатшыларда үлкен тәсир қалдырды. Дерлик 18 километр узынлыққа ийе болған бул көл аймақтағы ең терең суў ҳәўизлеринен есапланып, өзиниң тәкирарланбас тәбиятына ийе. Оның жанында жайласқан Бөршитаў да бул жерге келген ҳәр бир инсанды өзине тартады.

Әҳмийетлиси, саяхат электр тармақлары хызметкерлерине умытылмас мәўритлерди инәм етти. Бундай имканият олардың кәсибине болған меҳрин ҳәм ғайратын және де арттырады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги