Ҳәр бир мәҳәллеге Жаңа Өзбекстан нәпесин алып кириў, бәринен бурын, “мәҳәлле жетилиги”ниң бирден-бир жәмәәт болып ислесиўине байланыслы – Президент

113

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

– Реформаларымыздың босағасы болған ҳәр бир мәҳәллеге Жаңа Өзбекстан нәпесин алып кириў, бәринен бурын, “мәҳәлле жетилиги”ниң бирден-бир жәмәәт болып ислесиўине тиккелей байланыслы, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтан, мәҳәлле баслығы басшылығындағы “жетилик”тиң ҳәр бир ўәкили өзине жуўапкершилик алып, жоқарыда қойылған ўазыйпалардың орынланыўы бойынша мүрәжат пенен шығып, бир жыллық бағдарламасын халыққа жәриялаўы әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери де ҳәр бир мәҳәлле кесиминде ислейтуғын ҳәр айлық жумысларын жергиликли кеңеслерде қорғап, адамларға мүрәжат жоллайды. Ҳәр айда мәҳәлле халқы менен тиккелей ушырасып, ғалаба хабар қураллары арқалы исленген жумыслар бойынша халыққа есап бериў тапсырылды.

Мәжилис даўамында аймақлар басшыларының есабатлары тыңланды, мәҳәлле баслықлары менен сөйлести.

ӨзА