Орынларда жеке меншик шериклик тийкарында мыңға шамалас заманагөй мәҳәлле имаратлары қурылды

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша өтип атырған видеоселектор мәжилиси даўамында атап өтилди.
Шараят жаратып берилгени ушын орынларда жеке меншик шериклик тийкарында 1 мыңға шамалас заманагөй мәҳәлле имаратлары қурылды.
Соның менен бирге, мәҳәлле имаратларын заманагөй сервис объектине айландырыў ушын исбилерменлерге қосымша жеңилликлер бериледи.
Бәринен бурын, ўәлаятлық “Реформалар штабы” исбилерменлер менен мәсләҳәтлесип, мәҳәлле имаратын қурыў ушын анық орынды белгилейди, жер ажыратыў қарарын шығарып береди.
Қала ҳәм ўәлаят орайында исбилерменлер тәрепинен қурылып, төменги қабатында “мәҳәлле жетилиги” жайласатуғын имаратлар 3 жыл мүддетке жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи.
Аўыллық жерлерде болса бул жеңилликлер 7 жыл болады.
Имарат ийеси болған исбилерменлер усы мүддет даўамында пайда ҳәм айланыстан салықты 50 процентке төменлетилген ставкада төлейди.
ӨзА