Шўрариқ мәҳәллеси әтирапындағы және 6 мәҳәллеге хызмет көрсететуғын орайға айланбақта

96

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Район ҳәкимлери берилип атырған қаржыдан ақылға уғрас пайдаланып, “мәҳәлле жетилиги” менен жаңа қатнаслар тийкарында ислеўи зәрүрлиги атап өтилди.

Мәселен, Нориндағы Шўрариқ мәҳәллеси әтирапындағы және 6 мәҳәллеге хызмет көрсететуғын орайға айланбақта. Буннан руўхланып, “Заманагөй гүзар, сервис орайы, бақша, мектеп қураман, өндирис ислеймен!” деп онлаған исбилерменлер баслама менен шықты.

Әтираптағы 6 мәҳәллениң штатынан дурыс пайдаланып, үнемленген қаржы есабынан архитектор ҳәм урбанист тартылғаны нәтийжесинде бул 7 мәҳәллениң көринисин пүткиллей өзгертиў ушын имканият пайда болмақта.

– Себеби исбилерменлер жумысын баслаў ҳәм бизнесин кеңейтиў ушын, биринши гезекте, жақсы орын сорап атыр. Ҳәр бир мәҳәлледе адамлар көп ҳәрекетленетуғын көше бар ма – бар! Бос жер ҳәм имаратлар бар ма – бар! Тек ғана қәниге менен усы жердиң жойбарын таярлап, инфраструктура етип бериў керек, – деп ўазыйпа қойды Президент.

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлерине Реформалар штабы менен бирге биринши басқышта 33 район ҳәм 330 мәҳәлледе жумысларды әне усындай қатнас тийкарында жолға қойыў тапсырылды.

ӨзА