Мәҳәллелердиң бюджетине 2026-жылдан баслап ҳәр жылы 200 миллиард сумнан ажыратылады

Бир ай алдын “Басламалы бюджет” бойынша жаңа қарар қабыл етилип, мәҳәлледе адамлардың өзи белсенди болып баслаған жойбарларға жәрдем беретуғын система енгизилди.
Онда қайсы мәҳәлледе халық жол, суў, мектеп, бақшаны оңлаўды баслаған болса, қәрежетиниң ярымын мәмлекет көтереди. Бул мақсетлер ушын келеси жылы және 1 мың жойбарға 500 миллиард сум ажыратылады.
Президентимиз бул бағдарда және бир жаңалықты жәриялады. Усы жылдан баслап Салық комитети жер ҳәм мүлк салықларының төленгенлик дәрежесине қарап, “Ең жақсы салық төлеўши мәҳәлле” рейтингин жәриялайды.
Онда 100 ликке кирген мәҳәллеге “Басламалы бюджет”тиң жаңа системасы бойынша инфраструктура қәрежетиниң 75 проценти бюджеттен төлеп бериледи. Сондай-ақ, бул мәҳәллелердиң ҳәр бирине қосымша 2 миллиард сумнан ажыратылады.
Нызамшылық палатасының депутатларына өз округиндеги мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў ушын ҳәр бирине 3 миллиард сумнан қаржы бериледи.
Мәҳәлле аймағында санитария, экология ҳәм нызамсыз қурылыс бойынша жәриймалардың 10 проценти мәҳәлле бюджетине қаратылады. Мәҳәллелердиң бюджетине 2026-жылдан баслап ҳәр жылы 200 миллиард сумнан ажыратылады.
Мине, усы айтып өтилген бес дерек есабынан келеси бир жыл ушын 2 мың мәҳәллеге қосымша 8,5 триллион сум қаржы берип атырмыз, – деди Президент.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәҳәлле системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм орынларда жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
ӨзА