Депутат өз сайлаўшыларына есап берди

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың барысы ҳәм аймақлардағы машқалаларды үйрениў бойынша жергиликли депутатлардың өз сайлаў округлериндеги пуқаралар менен ушырасыўлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен депутатлардың 2025-жылдың үшинши шереги даўамында өз жумыслары бойынша сайлаўшыларға мәлимлеме бериў ҳаққындағы тастыйықланған реже-кестеге муўапық 20-Сарабий сайлаў округинен депутат С.Аннақличев тәрепинен район ҳәкимлиги, тийисли уйым жуўапкерлериниң қатнасыўында “Сарабий” мәҳәллеси аймағында “Сарабий”, “Бархаёт”, “Қошқўра”, “Пахтачи”, “Чўпон” ҳәм “Қилчиноқ” мәҳәллелериниң турғынлары менен есабат ушырасыўы өткерилди.
Онда депутат тәрепинен сайлаўшыларға есап берилип, жаңа нызам, қарарлар, аймақты раўажландырыў бағдарында алдағы ислениўи белгиленген жумыслар таныстырылды.



Сондай-ақ, «мәҳәлле жетилиги»ниң пуқаралардың мүрәжат ҳәм машқалаларын үйрениўи, әмелий шешиминде депутатлар менен тығыз байланыста бирге ислесиўи бойынша мәселелер келисип алынды.
Буннан соң пуқараларды қыйнап киятырған машқала ҳәм мүрәжатлар тыңланып, орынланыўы тийисли тәртипте қадағалаўға алынды.
Ушырасыўда депутат қадағалаўы менен әмелий шешимин тапқан мүрәжат ийелери де шығып сөйлеп, өз миннетдаршылығын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги