Ферғана – бажыхана хызметкерлери саяхатындағы жаңа мәнзил

106

Президентимиз тәрепинен елимизде ишки туризмди раўажландырыў бойынша алға қойылған басламаларға тийкарланып мәкеме ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң мәдений дем алыўын, руўхый көзқарасын кеңейтиў мақсетинде шөлкемлестирилип атырған саяхатлар көбеймекте.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының бир топар хызметкерлериниң Ферғана ўәлаятының тарийхый ҳәм мәдений орынларына саяхаты шөлкемлестирилди.

Сапар етиў бағдарламасына тийарланып, олар Қоқанд қаласындағы Худаярхан сарайы архитектуралық комплексинде болды.

Сарай Қоқандтың ҳақыйқый гәўҳары ҳәм қаланың тийкарғы тарийхый дыққатқа ылайық орынларынан бири есапланады. Оны халық арасында “Қоқанд орда”, деп те атайды. Бул сарайдың тарийхы, сийрек ушырасатуғын нағыслары ҳәм өзине тән архитектуралық көриниси дыққатқа ылайық.

Қала имаратлары нәзик безеўлер менен қапланған ҳәм ҳәмме жерде белгили болған өзиниң ыдыс-табақлары ҳәм гүлалшылығы менен белгили. Саяхатшылар  Риштон районындағы Орайлық Азиядағы ең әййемги гүлалшылық орайында миллий өнерментшилик дәстүрлери менен де танысты. Қала керамика ислеп шығарыўдың өзине тән технологиясына ийе. Жергиликли өнимлер өзине тән безеўи, нағыс ҳәм формалары менен саяхатшыларда үлкен тәсир қалдырды.

Әлбетте, бундай мәдений-ағартыўшылық сапарлар хызметкерлердиң билим ҳәм көзқарасын кеңейтиў, миллий қәдириятларымызға болған ҳүрмет, итибар ҳәм қызығыўшылықты арттырыўға хызмет етеди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги