Саида Мирзиёева: Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одил Рено-Бассо менен ушырасқанымнан қуўанышлыман

87

«Президент Шавкат Мирзиёевтиң ашық-айдынлық сиясаты ҳәм мәмлекеттиң абаданлығын арттырыўға қаратылған реформалары себепли Өзбекстан ҳәм ЕТРБ арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Банктиң жәрдеминде ирригация ҳәм “жасыл” экономика тараўларында әмелге асырылып атырған кең көлемли инфраструктуралық жойбарларды айрықша атап өтиў керек.

Биз мәмлекетимиздеги көплеген ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың турмысын унамлы тәрепке өзгертип атырған “Women in Business” ҳәм “Youth in Business”бағдарламалары қоллап-қуўатланып атырғаны, сондай-ақ, Қарақалпақстанда аймақтың турақлы раўажланыўына қаратылған жойбарларды жолға қойыў бойынша бирге ислесиўди жоқары қәдирлеймиз.

Ушырасыўда Орайлық Азия мәмлекетлериниң жақсы қоңсышылық бағдарындағы улыўмалық ҳәрекетлери себепли регионда исеним ҳәм бирге ислесиў орталығы қәлиплескени ҳаққында бирдей пикир билдирилди. ЕТРБ менен шериклик буннан былай да Өзбекстан ҳәм пүткил регионның раўажланыўына хызмет ететуғынына исенемен», деп жазбақта Саида Мирзиёева өзиниң телеграм каналында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги