Қамақтағылардың ишки тәртип-қағыйдаларға әмел етиўи, мийнет интизамына бойсыныўы есапқа алынады

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң регионаллық ўәкиллери жазаны орынлаў мәкемелери ҳәм тергеў қамақханаларында дүзелиў жолына өткен қамақтағыларға жуўмақ бериў бойынша комиссиялар мәжилислеринде қатнаспақта.
Өзбекстан Республикасы Жынаят-орынлаў кодексиниң 102-1-статьясына муўапық, комиссиялар қурамына Омбудсманның регионаллық ўәкиллери, халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң депутатлары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери киретуғыны белгиленген.
Усы күнлерде Ташкент қаласы, Сурхандәрья, Сырдәрья, Әндижан, Хорезм, Самарқанд, Наманган, Бухара ҳәм Қашқадәрья, Ферғана ҳәм Наўайы ўәлаятларындағы және Қарақалпақстан Республикасындағы жазаны орынлаў мәкемелери ҳәм тергеў қамақханаларында болып өткен комиссия мәжилислеринде Омбудсманның аймақлардағы регионаллық ўәкиллери қатнасты. Мәжилислерде улыўма есапта 16 мың 435 мың судланыўшыға “дүзелиў жолына өткен” деген жуўмақ берилди.
Соның ишинде, Ташкент қаласындағы 21-санлы жазаны орынлаў колониясы ҳәм 23-санлы қамақтағылар ушын қәнигелестирилген емлеўханадағы комиссия мәжилислеринде мыңнан аслам қамақтағыларға “дүзелиў жолына өткен” деген мазмундағы жуўмақ рәсмийлестирилди.
Комиссия ағзалары тәрепинен жуўмақ бериўде қамақтағылардың ишки тәртип-қағыйдаларға әмел етиўи, мийнет тәртиби, билимлендириў ҳәм кәсип-өнерге қызығыўшылығы, сондай-ақ, жәмийетлик жумыслар ҳәм мәдений-ағартыўшылық илажларда қатнасыўы есапқа алынбақта.
Н.Абдураимова, ӨзА