Өзбекстан Ғазнашылық әмелияты жәмийети (TCOP) жалпы мәжилисине биринши мәрте басшылық етпекте

Бүгин Ташкентте Мәмлекетлик қаржыны басқарыў бойынша халықаралық бирге ислесиў билимлендириў бағдарламасы (PEMPAL) шеңберинде “Ғазнашылық жумысын модернизациялаў ҳәм санластырыў” темасындағы Ғазнашылық әмелияты жәмийетшилигиниң (TCOP) жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Жәҳән банки менен биргеликте шөлкемлестирилген бул илажда Европа ҳәм Орайлық Азия регионының 18 мәмлекетинен 70 тен аслам ғазнашылық ҳәм мәмлекетлик қаржы тараўының қәнигелери қатнаспақта. Сондай-ақ, додалаўларда Жәҳән банки, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (OECD) ҳәм Корея Фискал мәлимлеме хызметиниң халықаралық экспертлери де қатнаспақта.

Жалпы мәжилистиң ашылыўында Өзбекстан Республикасы экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Гулнора Раҳимова, Жәҳән банкиниң PEMPAL бағдарламасының басшысы Арман Ватян ҳәм басқалар шығып сөйлеп, тәреплер арасындағы бирге ислесиў ғазнашылық жумысын модернизациялаў ҳәм санластырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
– Елимизде биринши мәрте өткерилип атырған бул илаж тек ғана Өзбекстанда емес, ал регионда да үлкен әҳмийетке ийе. Себеби мәмлекет бул басламаларда белсене қатнасып, үлкен жетискенликлерге ериспекте. Бул имканият мәмлекеттиң санластырыў, ғазна жумысын жетилистириў ҳәм операциялық нәтийжелиликти арттырыў тараўындағы жетискенликлерин додалаў ҳәм үйрениў ушын әҳмийетли болып есапланады. Өзбекстан санластырыў ҳәм инновациялар тараўында исенимли ҳәм жедел қатнас жасамақта. Ташкенттеги раўажланыўлар тек ғана қурылыс ҳәм урбанизацияда емес, ал мәмлекетлик қаржы реформаларында да сезиледи. Жәҳән банкиниң ўәкили сыпатында мен Өзбекстан Ҳүкимети ҳәм Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте ислеп атырғанымнан қуўанышлыман.

Өзбекстан тек ғана PEMPAL ағзасы емес, ал донор мәмлекет сыпатында да әҳмийетли роль атқарады. Бул илажда Европа ҳәм Орайлық Азиядан тысқары, Корея да қатнасады. Онда глобал раўажланыўлар ҳәм бирге ислесиў перспективалары додаланады. Жуўмақлап айтқанда, бул мәжилис региондағы финанслық бирге ислесиўди раўажландырыў, жаңа тәжирийбелерди үйрениў ҳәм улыўмалық жетискенликлерди есапқа алыў ушын әҳмийетли имканият болып есапланады, – деди PEMPAL бағдарламасының басшысы Арман Ватян.
Қәнигелердиң мағлыўматына бола, PEMPAL жумысы Өзбекстанда мәмлекетлик қаржыны басқарыў тараўында әҳмийетли инновацияларды енгизиўге сезилерли үлес қосқан. Пуқаралардың қатнасыўындағы бюджетлестириў (Басламалы бюджет) әмелиятының енгизилиўи, яғный пуқараларға мәмлекетлик қаржылардың бөлистирилиўи ҳәм жумсалыўы процесинде қатнасыў имканиятын бериў, сондай-ақ, бирден-бир ғазна есабынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм ишки аудит системасын раўажландырыў сыяқлы бағдарлар усылардың қатарына киреди. Мәмлекетлик қаржыны басқарыўды беккемлеў Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм пуқаралардың абаданлығын арттырыў ушын әҳмийетли шәрт болып есапланады.

Еслетип өтемиз, TCOP жалпы мәжилиси 16-октябрь күни жуўмақланады.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА