Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде сапар менен болып турған Бирлескен гүрес дүньясының басшысы Ненад Лаловичти қабыллады.
Бул абырайлы глобаллық структура менен Өзбекстанда спорттың жеке гүрес түрлерин шөлкемлестириўшилик-экспертлик жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм және де ғалаба ен жайдырыў тараўында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимизде дәстүрий тәризде грек-рим гүреси, еркин гүрес, ҳаял-қызлар гүреси, сондай-ақ, аралас жаўынгерлик өнерлери жедел раўажланып атырғанын атап өтиў керек.

Кейинги жыллары жеке гүресшилеримиз абырайлы жарысларда 45 жоқары сыйлықты, соның ишинде, Олимпиада ойынлары ҳәм жәҳән чемпионатларында алтын медальларды қолға киргизди.
Сөйлесиўлер ўақтында халықаралық бирлеспе басшысы Жаңа Өзбекстанда ғалабалық спорт тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды, соның ишинде, қолайлы ҳәм заманагөй инфраструктураны кеңейтиў, абырайлы турнир ҳәм жарысларды турақлы өткериў арқалы жасларды спорт ҳәрекетине кеңнен тартыў бағдарындағы жумысларды жоқары баҳалады.
Мәмлекетимизде ири континент ҳәм жәҳән чемпионатларын шөлкемлестириў, шөлкемниң қәўендерлигинде Регионаллық гүрес академиясын шөлкемлестириў, спорт медицинасы, диетологиясы, психологиясы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда шериклик мәселелери додаланды.

Президентимиз балалар ҳәм жаслар арасында спорт жеке гүреслерин ғалаба ен жайдырыў, талантлыларды таңлап алыў ҳәм таярлаўдың заманагөй усылларын енгизиў, мәҳәллелердеги дөгереклер ҳәм заллардан баслап спорт шеберлиги мектеплери ҳәм қәнигелескен комплекслерге шекемги инфраструктураны жетилистириў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул илажлар, мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, Олимпиада ойынлары ҳәм басқа да ири жарысларда жаңа табысларға алып келиўи керек.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти ғалабалық спорт ҳәм жеке гүрес түрлерин раўажландырыў және қоллап-қуўатлаўға қосқан үлкен жеке үлеси ушын Ненад Лаловичке мәмлекетимиздиң жоқары сыйлығы – “Дўстлик” орденин тапсырды.

ӨзА