Илимий бирге ислесиў даўам етпекте

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Қазақстан Республикасының Семей қаласында жайласқан Әлихан Бөкейхан университи арасында дүзилген бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандум шеңберинде юридика факультетиниң профессор-оқытыўшылары Қазақстан Республикасында илимий стажировканы әмелге асырмақта.
Ҳәзирги ўақытта усы университет базасында академиялық мобильлик ҳәм илимий-изертлеў жумысында қатнасыў ушын профессор-оқытыўшылар академиялық мобильлик ҳәм илимий-изертлеў жумысларында қатнасыў, лекциялар ҳәм әмелий сабақлар өткериў, сондай-ақ, еки жоқары билимлендириў орынлары арасындағы бирге ислесиўди еле де беккемлеў бойынша жумысларды алып бармақта.
– Бундай бирге ислесиў өткен жылы да әмелге асырылған еди, – дейди “Жынаят ҳуқықы, процеси ҳәм криминалистика” кафедрасы баслығы, юридика илимлериниң докторы (DSc) доцент Миратдин Нажимов. – Атап айтқанда, Әлихан Бөкейхан университетиниң 6 студенти Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде бир семестр даўамында билим алды ҳәм бул жумыслар быйылғы жылы да даўам етип, ҳәзирги ўақытта қазақстанлы 3 студенти бизиң университетимизде оқыўын даўам еттирмекте.


Хызмет сапары шеңберинде Әлихан Бөкейхан университи тәрепинен қарақалпақстанлы үш профессор-оқытыўшыға сертификат ҳәм миннетдаршылық хатлары тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы