Енди экологиялық жойбарлар ушын мәмлекет тәрепинен пул төленеди

98

Қоршаған орталықты сақлаў, экологиялық мәдениятты арттырыў ҳәм “жасыл” идеяларды әмелде қоллап-қуўатлаў ушын буннан былай, ҳәр жылы 10 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады.

Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң усы жыл 8-октябрьдеги қарарына бола, Жаслар ислери агентлиги жанында “Жасыл басламаларды қоллап-қуўатлаў қоры” шөлкемлестирилди.

Жасларда тәбиятқа муҳаббат сезимин оятыў, қоршаған орталықты қорғаўға қаратылған жойбарларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде шөлкемлестирилген қор тәрепинен енди төмендеги басламалар қаржыландырылады.

Соның ишинде, тәбиятқа меҳир ҳәм экологиялық мәдениятты арттырыўшы жойбарлар, шығындыларды қайта ислеў, жасыл энергия ҳәм экологиялық таза технологияларды раўажландырыў, терек егиў ҳәм тәрбиялаў басламалары және климаттың өзгериўи ҳәм экологиялық турақлылық бойынша жаслардың идеялары қаржыландырылады.

Сондай-ақ, эко темадағы видео, анимация ҳәм медиа жойбарлар, энергияны үнемлеў бойынша таңлаўлар ҳәм акциялар, тоғайларды тиклеў, экологиялық туризмди раўажландырыў басламалары және эко-челленжлер ҳәм энергия жумсалыўын азайтыўшы мобиль қосымшалар жаратыў жойбарлары да финанслық әҳмийетке ийе болады.

Гулноза Бобоева, ӨзА