Nikkei Asia: Ташкентте Орайлық Азияның ең ири аэропорты қурылады

105

Японияның “Sojitz” компаниясы быйыл Ташкент қаласында жаңа халықаралық аэропорт қурыўды баслайды. Бул жойбар компанияның 1 млрд долларлық инфраструктура инвестициялары шеңберинде әмелге асырылады.

“Өзбекстан жаңа аэропорт жойбарын 2025-жыл август айында тастыйықлады. Жойбарға бола, 2028-жылы ашылыўы режелестирилген бул аэропорт жылына 20 миллион жолаўшыны қабыл етиўи ҳәм саатына 40 тан аслам ушыў-қоныў ҳәрекетлерин әмелге асырыўы мүмкин. Бул оны Орайлық Азияның ең ири аэропортына айландырады”, – делинеди мақалада.

Қарақалпақстан хабар агентилиги