Жеңислерге қарай басып өтилген жол

Елимизде халық арасында спорт ҳәм дене тәрбиясын ғалаба ен жайдырыў, жас әўлад ушын саламат турмыс тәризин қәлиплестириў жолында алып барылып атырған системалы жумыслардың нәтийжесинде бүгин бир қатар қәбилетли спортшылар камалға келмекте.
Мине, усындай жаслардың бири қылышласыў бойынша Өзбекстан сайланды командасының ағзасы, “Шуҳрат” ҳәм “Жасорат” медальларының ийеси Зайнаб Дайыбекова болып табылады.
2002-жылдың 19-ноябрь күни Қарақалпақстанның Нөкис қаласында туўылған Зайнабтың спортқа болған муҳаббаты шаңарақтағы саламат орталық ҳәм аймақта жаратылған спорт инфраструктурасы менен тығыз байланыслы. Ол 13 жасында қылышласыў менен шуғылланыўды баслап, биринши тренер Даурбек Жиемуратовтың қол астында дәслепки шеберлик сырларын үйренди.

Район ҳәм республика чемпионатларында табыслы қатнасқан жас спортшы 2016-жылдан миллий сайланды команда ағзасы болды. Арадан көп өтпей, ол Тайландта болып өткен Азия чемпионатында мәмлекетимиз тарийхындағы дәслепки қола медалын қолға киргизди. Бул нәтийже Зайнабтың өмиринде жаңа басқыш болып, оның мийнети мәмлекет тәрепинен де тән алынды – Президент тәрепинен “Nexia-3” маркалы автомашина менен сыйлықланды.

2018-2019-жылларда ол бир қатар абырайлы жарысларда алтын ҳәм қола медальларын қолға киргизди. Атап айтқанда, 2019-жылғы Азия чемпионатында жеңимпазлықты қолға киргизди, Жәҳән кубогинде болса жеке тәртипте алтын, командалық беллесиўлерде қола медалына миясар болды.

2021-жылы Зайнаб Дайыбекова Токио Олимпиадасында қатнасты. Оның бул ири жарыстағы қатнасыўын мәмлекетимиз басшысы жоқары баҳалап, “Шуҳрат” ҳәм “Жасорат” медальлары, сондай-ақ, “Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы” ҳүрметли атағы менен сыйлықлады.
2023-жылы Ханчжоу қаласында өткерилген ХIХ жазғы Азия ойынларында ол Өзбекстан байрақшысы сыпатында беллесиўге шықты. Сабля бағдарында жеке беллесиўлерде қола, командалық беллесиўлерде болса алтын медальды қолға киргизип, миллий сайланды команда тарийхындағы әҳмийетли нәтийжелерден бирин атап өтти.

Зайнаб Дайыбекова ушын соңғы еки жыл да табысларға бай болды.
2024-жыл февраль айында Перудың Лима қаласында болып өткен үлкенлер арасындағы жәҳән кубогинде ол қола медалын қолға киргизди. Усы нәтийже менен спортшы “Париж-2024” Олимпиада ойынларына рейтинг арқалы тиккелей лицензия алды.
2025-жыл январь айында Тунисте болып өткен Гран-при жарысында дүньяның ең күшли 8 қылышпаз қызларының қатарына кирди. Усы жылы июнь айында Бали (Индонезия)деги Азия чемпионатында қола медалы менен сыйлықланды. Сентябрь айында болса Белгияның Гент қаласында өткен “Flemish Open” халықаралық турниринде және бир мәрте қола медалына ийе болды.
– Июл айына шекемги мәўсим мен күткен нәтийжелер менен жуўмақланбады, – дейди Зайнаб Дайыбекова. – Бирақ сентябрь айынан басланған жаңа жарыс мәўсими табыслы басланды. Белгиядағы турнирде қолға киргизилген қола медалы басланыўы. Алдымызда жәҳән кубоклары, Гран-при басқышлары ҳәм Ислам тилеклеслиги ойынлары сыяқлы әҳмийетли жарыслар тур. Ҳәзирги ўақытта мине усы жарысларға қатаң таярлық көрип атырман.
Зайнаб Дайыбекова сыяқлы мәрт спортшыларымыздың жеңислери Ўатанымыздың абырайын улығлаў менен бирге, жас әўлад ушын үлги болып, мәмлекетимизде спорт тараўының раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте.
Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА