Реформалар нәтийжеси санларда…

Мәмлекетимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы реформалар кең түс алмақта.
Турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў, нызам үстинлигин беккемлеў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыў бағдарында ерисилген жетискенликлердиң салмағы артпақта. Бул процессте әҳмийетли стратегиялық байланыслар күшейтилмекте.
“Өзбекстан реформаларының нәтийжелери санларда” топламында атап өтилген мағлыўматлар елимиздиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы реформаларды ашып береди.
Соның ишинде, Өзбекстанда сырт мәмлекетлердиң дипломатиялық ўәкилханалары және халықаралық ҳәм ҳүкиметлераралық шөлкемлердиң ўәкилханаларының саны 180 нен асты.
– Мәмлекетимиздиң сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консульлық мәкемелериниң саны 54 ке жетти.
– Өзбекстанға пуқаралары визасыз кириўи мүмкин болған сырт мәмлекетлердиң саны 90 нан артты.
– Халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў беккемленбекте, соның ишинде: БМШ, ЕҚБШ, ҒМДА, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да шөлкемлер шеңберинде глобал тынышлық, қәўипсизлик ҳәм экономикалық раўажланыўға бағдарланған байланыслар раўажланды.
– Өзбекстанның басламасы менен 2017-2025-жылларда БМШ Бас Ассамблеясының 11 резолюциясы қабыл етилди.
Раўажланыў стратегиясы орайының мағлыўматына бола, бул топламда турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў, нызам үстинлигин беккемлеў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыў бағдарында ерисилген ең әҳмийетли көрсеткишлер усыныс етилген.
А.РУСТАМОВ, ӨзАның хабаршысы