“Ватандош” картасы ийелери айырым хызметлерде мәмлекетлик бажыдан азат етилмекте

99

Нызам жойбарына түсиник

Бизге белгили, бүгинги күнде он мыңлаған, жүз мыңлаған ўатанласларымыз түрли сырт еллерде жасап, оқыў ямаса жумыс пенен шуғылланбақта. Мәмлекетимизде барлық тараўда әмелге асырылып атырған реформалар менен бир қатарда сырт елде жасап атырған ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.

Енди “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 13-статьясына қосымша ҳәм өзгерис киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалар менен бул бағдардағы ҳәрекетлер избе-из даўам еттириледи. Бул нызам жойбары ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Нодир Тилаволдиев төмендегилерди атап өтти:


– Мәмлекетимизде сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен турақлы қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў, оларды тарийхый Ўатаны әтирапында және де бирлестириў, олардың елимизде алып барылып атырған реформалардағы қатнасын хошаметлеў, ҳуқықлары менен мәплерин толық қорғаў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2018-жылы “Сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен бирге ислесиў тараўында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сиясаты концепциясы” қабыл етилди. 2021-жылы “Ватандошлар” жәмийетлик фонды шөлкемлестирилди. Президентимиздиң 2024-жыл 20-ноябрьдеги тийисли қарары менен елимиздиң экономикалық ҳәм социаллық турмысында белсене қатнасыўға умтылып атырған ўатанласларымызды мүнәсип хошаметлеў мақсетинде “Ватандош” гүўалығы ҳәм “Ватандош” карталары енгизилди.

Бул нызам жойбары усы бағдарда алып барылып атырған жумыслардың логикалық даўамы болып, онда сырт елде жасап атырған ўатанласларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы илажларды даўам еттириў мақсети нәзерде тутылады. Жойбар менен “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамның 13-статьясына “Ватандош” картасы ийелери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў тараўында көрсетилетуғын айырым мәмлекетлик хызметлер ушын мәмлекетлик бажыдан азат етилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Соның ишинде, “Ватандош” картасы ийелери турған орны бойынша дизимнен өткерилгенде, олардың шаңарақ ағзалары әмелдеги виза мүддетин көп мәртебе етип созғанда, сондай-ақ, турған орны бойынша дизимнен өткерилгенде ҳәм дизимнен өткериў мүддетин созғанда мәмлекетлик бажыдан азат етилиўи нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбарында нәзерде тутылып атырған нормалар сырт елде жасап атырған ўатанласларымызға Өзбекстан аймағында профессионал, соның ишинде, исбилерменлик, инвестициялық, илимий, ағартыўшылық ҳәм мәдений жумыс пенен шуғылланыўы ушын қолайлы ҳуқықый, социаллық шараятларды жаратыўға хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА