Украина Москваға шекем жетип баратуғын қурал алмақшы

АҚШ Президенти Дональд Трамп Украинаға “Tomahawk” маркалы узақ аралыққа ушатуғын қанатлы ракеталар жибериў итималы бар екенлигин билдирген. Бул қарар Россия менен урыста жаңа басқышты баслап бериўи мүмкин.
Трамп журналистлер менен сәўбетте, “Көремиз… итимал, солай ислермиз, деди. Бул билдириў Президент Владимир Зеленский менен өткен ҳәпте ақырында болып өткен екинши телефон сөйлесиўинен соң жаңлады. Сөйлесиў ўақтында Зеленский Вашингтоннан Украина армиясының ҳаўа қорғаныўы ҳәм узақ аралықтан соққы бериў системасының имканиятын күшейтиўди сораған.
Усы баслама әмелге асса, 2 500 километрге шекем жетип баратуғын “Tomahawk” ракеталары менен Москваға соққы бериў имканияты пайда болады. Москва болса бул “жағдайды айрықша кескинлестириўи”, АҚШ-РФ қатнасығын және де жаманластырыўы мүмкин екенин билдирди.
Украина басшылығы бир неше айдан берли Батыстан узақ аралыққа мөлшерленген қурал-жарақ сорап келмекте. Киевтиң атап өтиўинше, Россия фронт артындағы қалалар бойлап, атап айтқанда, энергетика инфраструктурасына қаратылған күшли ракета ҳәм дрон ҳүжимлерин шөлкемлестирмекте.
Трамптың арнаўлы ўәкили Кит Келлог та жақында “Fox news”ке берген интервьюинде Президент Россия аймақларына соққы бериў пикирин мақуллағанын айтқан.
Москва болса бул итималды әҳмийетсиз, деп баҳалады. Яғный, Кремль ўәкили Дмитрий Песков былай деди:
– “Tomahawk”па, я басқа ракета ма – парқы жоқ, урыстың пәти өзгермейди.
Бәрибир, АҚШ ҳәм Россия қатнасықларында жаңа сынақ дәўири келди, деп айтыў мүмкин. Украина урыстың төртинши жылына кирип, Батыстың әскерий қоллап-қуўатлаўына барған сайын көбирек мүтәж болмақта.
Мусулмон Зиё, ӨзА