Өзбекстанда мультимодаль логистика терминалы қурылады

WAM мәлимлеме агентлиги, “Al-Khaleej”, “Emarat Al-youm”, “Al-bayan.ae” сыяқлы жетекши басылымлардың бас резиденциясы Бирлескен Араб Әмирликлери Дубай қаласында жайласқан “DP World” халықаралық логистика компаниясы пайтахтымыз ҳәкимлиги жанындағы “Ташкент инвест” филиалы менен қоспа кәрхана дүзгенин сәўлелендирди.
– Бул бирге ислесиў Өзбекстанның логистика инфраструктурасын раўажландырыў, республиканы регионаллық саўда орайына айландырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады, – делинеди мақалада. – Янги Ҳаёт районындағы “Янги авлод” арнаўлы санаат зонасында жайласқан жаңа терминал Орайлық Азия көлеминде байланыс, нәтийжелилик ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлық жаратады, мәмлекет экономикасының диверсификациясы, санааттың раўажланыўын қоллап-қуўатлайды.
Шәртнамаға бола, “Ташкент инвест” қоспа кәрханаға 15, “DP World” 85 процент үлес қосады. Үш басқыштан ибарат бул жойбарға жәми 288 миллион доллар қаратылды. Баслама шеңберинде шама менен 82 гектар майданды ийелейтуғын халықаралық транспорт-логистика хабы жаратылады.
Ташкент мультимодаль логистика терминалы қурамында контейнердеги ҳәм перделенген жүк ушын темир жолдан кириў имканиятына ийе қурғақлықтағы порт, бажыхана рәсмийлестириўи аймағы, автотранспорт қураллары ушын орын, жүк машиналары туратуғын өз алдына майдан, заманагөй қоймаханалар, сақлаў мүддетин қысқартыў есабынан товар жеткерип бериў шынжыры арқалы ҳәрекетти тезлестириўге мөлшерленген арнаўлы тарқатыў орайлары қурылады.
Дәслепки басқышта темир жол вокзалы, 2026-жылдың ақыры-2027-жылдың басына шекем 63 000 квадрат метрлик қоймахана комплекси қурылады. Кейин ала қосымша жер майданы ажыратылып, қоймахана аймағы 163 мың квадрат метрге жеткериледи. Терминал арнаўлы жүк тасыў темир жол бәндиргиси менен тәмийинленеди. Бул жүкти қайта ислеў ҳәм жеткерип бериў процесин тезлестиреди, логистика қәрежетин азайтады. Транспорт кесилиспеси миллий темир жол тармағы, ири автомобиль жоллары ҳәм Ташкент халықаралық аэропортына тиккелей шығыў имканиятына ийе болып, автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортында нәтийжели мультимодаль жүк тасыў имканиятын береди.
Жойбар арнаўлы санаат зонасында жайласқанлығы себепли логистика, өндирис ҳәм экспортты қайта ислеў әмелиятын интеграциялаўға жәрдем бериўши бажыхана ҳәм салық жеңиллигине ийе болады.
– Бул биргеликтеги жойбар Өзбекстанның Орайлық Азиядағы ири логистика ҳәм саўда орайына айланыў идеясын қоллап-қуўатлаўға садықлығымызды тастыйықлайды, – деди “DP World” компаниясының баслығы ҳәм бас атқарыўшы директоры Султан Аҳмад бин Сулаййим. – Ташкент мультимодаль логистика орайы регионды жәҳән дәрежесиндеги инфраструктура менен тәмийинлейди, бизнестиң ҳәр қыйлы бағдарларында интеллектуаллық тәмийнат ҳәм логистика имканиятын қоллап-қуўатлайды.
Өз гезегинде, Ташкент қаласының ҳәкими Шавкат Умурзоқов бул келисим транспорт-логистика хабының раўажланыўының басланыўы, пайтахттың өндирис ҳәм экспорт потенциалын сезилерли дәрежеде арттырыўын атап өтти.
Улыўма, логистика ҳәм портларды басқарыў бойынша дүня көлеминде тән алынған тәжирийбеге ие “DP World” пенен бирге ислесиў мәмлекетимиз экономикасына заманагөй технологияларды енгизиў, ири инвесторларды тартыў имканиятын береди. Жәҳән дәрежесиндеги инфраструктураға ийе Ташкент жергиликли ҳәм халықаралық компаниялардың талабын қанаатландырыў ушын және де күшли потенциалын көрсетеди. “DP World” тармағы бойлап жүк ҳәрекети аңсатластырылыўы себепли Ташкент терминалы Орайлық Азия, Жақын Шығыс ҳәм Европа арасындағы әҳмийетли буўынға айланады.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА