Бажыхана декларациясын енди мобиль қосымша арқалы толтырыў мүмкин

Бажыхана комитети “Жолаўшы декларациясы” атлы мобиль қосымшаны иске қосты. Енди пуқаралар шегара пунктлеринде бажыхана декларациясын қағаз түринде емес, онлайн тәризде ҳәм әдеўир әпиўайыластырылған тәртипте толтырыўы мүмкин.
Бажыхана комитетиниң мәлимлеме хызмети бул ҳаққында хабар берди. Хабарда усы қосымшаның абзаллықлары ҳәм функциялары ҳаққында мағлыўмат келтирилген. Атап айтқанда, қосымша OneID арқалы системаға кирилгенде, паспорт мағлыўматлары автоматикалық тәризде декларацияның тийкарғы бөлимлерине киргизиледи. Пайдаланыўшы тек кириў-шығыў жөнелиси, валюталар, қымбат баҳалы буйымлар ҳәм басқа товарлар ҳаққындағы мағлыўматларды қолда киргизеди.
Мобил қурылмалар ушын IMEI-кодты сканерлеў функциясы бар болып, пайдаланыўшы оны қолда терип киргизбестен телефон камерасы арқалы сканерлеп алыўы мүмкин. Шегара постларында бийпул Wi-Fi зоналары шөлкемлестирилген ҳәм айырым орынларда инфокиосклар орнатылыўы режелестирилген. Бул болса смартфондан пайдалана алмайтуғын жолаўшылар ушын да электрон тәризде декларация тапсырыў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта хызмет Ташкент халықаралық аэропортында сынақ түринде ислемекте. 2025-жыл 1-ноябрьден баслап, қосымшаның пайдаланыў шеңбери барлық шегара пунктлерине кеңейтиледи.
Бул жойбардың әҳмийетли тәрепи сонда, ўақыт үнемленеди. Декларацияны алдыннан толтырыў шегарадағы өтиў процесин бираз жеңиллестиреди ҳәм қағаз түриндеги қәтелерди азайтады. Тынықлық ҳәм қәўипсизлик. Санлы система мағлыўматлардың жоғалыўы ямаса өзгертилиўиниң алдын алады. Телефонларды декларациялаў аңсатласады. Сырт елден алып келинген смартфонлардың IMEI-коды автоматикалық түрде системаға киргизиледи. Нәтийжеде қағаз жумыслары азаяды. Электрон декларация арқалы қағаз түриндеги ҳүжжетлер саны кескин азаяды.
“Жолаўшы декларациясы” қосымшасын Play Market ҳәм App Store арқалы жүклеп алыў мүмкин. Қосымшаның имканиятлары пуқараларға декларациялаў процесин және де қолайлы ҳәм тез орынлаўға хызмет етеди.
Бажыхана комитетиниң мағлыўматына бола, бул қосымша 2025-жылдың ақырына шекем барлық халықаралық аэропортлар ҳәм жер үсти өтиўши шегара пунктлеринде толық енгизилиўи нәзерде тутылған.
Шаҳноза Маматуропова, ӨзА