Коррупция жәмийет душпаны: профилактикалық илаж мектепте

Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Хожели” шегара бажыхана посты ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы ўәкиллери менен биргеликте жаслардың ҳуқықый санасын ҳәм мәдениятын арттырыў, оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў илажлары шеңберинде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға бағышланған профилактикалық сабақлар шөлкемлестирилди.
Илажда оқыўшылар ҳәм муғаллимлер қатнасып, ҳуқықый саўатлылықты арттырыў, нызамларға ҳүрмет пенен қатнас жасаў, сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша толық түсиниклер берилди.
Ушырасыў даўамында коррупцияға қарсы гүресиў тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының емес, ал ҳәр бир пуқараның миннети екени, коррупция жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық етиўши иллет екени айрықша атап өтилди. “Пара” усыныс етиў ямаса алыў жынайый жуўапкершиликке себеп болатуғыны ҳаққында мысаллар тийкарында түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, илаж қатнасыўшыларына пиротехникалық қураллар ҳәм басқа да қадаған етилген стратегиялық товарларды мәмлекет аймағына нызамсыз алып кириў ямаса ишки базарда айланысына жол қойыў ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болатуғыны, бул ушын 2 миллион 60 мың сумнан 4 миллион 120 мың сумға шекем жәрийма белгиленетуғыны ҳаққында мағлыўматлар жеткерилди.


Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги