Шенген аймағына кириўде жаңа система иске түсти: нелер белгили?

Быйыл 12-октябрьден баслап Европаның Шенген аймағына саяхат етип атырған ЕАға ағза болмаған мәмлекетлердиң пуқаралары ушын әдеттеги паспорт тексериўи орнына жаңа автоматластырылған биометрикалық система жолға қойылды.
Атап өтилиўинше, Европа Аўқамы мәмлекетлери электрон кириў системасы EES (Entry Exit System)ти енгизбекте ҳәм бул система Шенген аймағындағы 29 мәмлекетте әмел етеди. Олар үшинши мәмлекет пуқараларының биометрикалық мағлыўматларын халықаралық аэропортлар, темир жол вокзаллары, шегара өтиў орынлары ҳәм теңиз портларында кириў-шығыў ўақтында топлайды ҳәм санлы базаға киргизип барады.

Кейинги сапары Шенген шегарасын кесип өтиўде бул мағлыўматлар автоматикалық түрде тексериледи. Бул арқалы ЕА шегара хызмети саяхатшы қанша ўақыт қалғанын анық бақлап барыў имканиятына ийе болады. Қалаберди, бул нызамсыз миграция ҳәм ҳүжжетлерди қәлбекилестириў жағдайларының алдын алыўға, сондай-ақ, Европа халқы ҳәм саяхатшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.
Атап өтиў керек, ЕА пуқаралары, резидентлери ҳәм узақ мүддетли Шенген визасы ийелери ушын өз алдына гезеклер шөлкемлестириледи, олардан виза ямаса паспорт ҳәм жасаў ушын руқсатнама усыныўы талап етиледи.

Хабарға бола, дизимнен өтиў арнаўлы EES терминаллары ямаса биометрикалық мағлыўматларды оқыйтуғын шегара автоматлары арқалы әмелге асырылады. Бул техникалық қурылмалардан тек ғана биометрикалық паспорт ийелери пайдаланыўы мүмкин. Жаңа система биринши гезекте сизиң жүзиңиз бөлегиниң сүўретин ҳәм бармақ излерин усыныўды сорайды. 12 жасқа шекемги балалар бармақ излерин усыныўы шәрт емес.
EES системасы дәслеп Чехия, Эстония ҳәм Люксембургда толық иске қосылды. Германия болса системаны дәслеп Дюсселдорф аэропортында, кейин ала Франкфурт ҳәм Мюнхенде енгизиўди режелестирген. Европа Комиссиясының мағлыўматына бола, система келешекте 29 мәмлекеттиң сыртқы шегараларында толық жумыс алып барады.
Дәслепки алты айда паспортты тексериў ҳәм мөр басыў тәртиби әдеттегидей даўам етеди. 2026-жыл 10-апрельге шекем ЕА аймағында паспортларға мөр басыў әмелияты пүткиллей бийкар етилип, шегара қадағалаўы толық автоматластырылады.
Ў.Алимов таярлады.
ӨзА