Өзбекстанлылар Японияға тийкарынан не мақсетте барады?

Япония – бул тек ғана алдынғы технологиялар, заманагөй қалалар ҳәм бай мәдений мийрас пенен белгили мәмлекет емес, ал дүньяда ең узақ жасайтуғын халыққа ийе, өзине тән дәстүрлер ҳәм заманагөйлик үйлескен орын сыпатында да танылған. Японияның пайтахты Токио дүньяның ең ири қалаларынан бири болып, ҳәр жылы миллионлаған туристлерди өзине тартады.
Бул мәмлекет мийнет сүйгишлиги, тәртип-интизам, нәтийжелилик ҳәм жоқары сапалы билимлендириў системасы менен де дүнья көлеминде танылған. Сондай-ақ, Япония туризм ҳәм исбилерменлик ушын оғада көплеген имканиятлар жаратады, соның ушын да пүткил дүньяда, соның ишинде, Өзбекстан пуқараларында да үлкен қызығыўшылық оятпақта.
Миллий статистика комитетиниӊ мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июль айларында Японияға туристлик мақсетлерде барған өзбекстанлылар саны сезилерли дәрежеде артты. Жәми 1,7 мың өзбекстанлы Японияға сапар еткен, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,6 есеге көп дегени.
Өсиў пәтлери дыққатқа ылайық, себеби 2024-жылдың биринши жети айында бул көрсеткиш тек ғана 663 ке артқан. Бул болса, өз гезегинде, Японияға болған талап ҳәм қызығыўшылық артып атырғанынан дәрек береди.
Төменде Японияға сапар етиў мақсетлерин көриўимиз мүмкин: саяхат – 1 407, туўысқанларды көриў – 196, оқыў – 103, хызмет бабында – 28 ҳәм емлениў мақсетинде – 4 адамды қурайды.
Бул мағлыўматлардан көринип турғанындай, тийкарғы масса саяхат мақсетинде Японияға барған. Бул болса мәмлекеттиң тәбийғый гөззаллықлары, әййемги тарийхый орынлары ҳәм раўажланған туризм инфраструктурасына қызығыўшылықтың артқанынан дерек береди. Сондай-ақ, туўысқанларын көриў ҳәм билим алыў мақсетинде сапарға шығыўшылар санының артыўы социаллық ҳәм мәдений байланыслардың беккемлениўинен де дерек береди.
Японияға өзбекстанлылардың саяхатының көбейиўи мәмлекетлер арасындағы мәдений ҳәм экономикалық байланысларды және де беккемлейди. Бул процесс еки тәреп ушын да жаңа имканиятлар есигин ашады, өзбекстанлылар ушын билимлендириў ҳәм жумыс имканиятлары кеңейеди. Япония болса өз мәденияты ҳәм экономикасын жана базарлар арқалы және де раўажландырады. Сондай-ақ, мәмлекет ишиндеги туризм тараўының раўажланыўы ушын да жаңа бағдарлар ашылыўы мүмкин. Өзбекстанлы туристлердиң Японияға қызығыўшылығы және де артыўы күтилмекте, бул болса еки тәреплеме байланыслардың және де тереңлесиўине тийкар жаратады.
2025-жылдың биринши жети айында Японияға сапар еткен Өзбекстанлылар санының 1,6 есеге артыўы мәмлекетлер арасындағы қатнасықлардың жаңа дәрежесин көрсетпекте. Бул өсиў туризм, билимлендириў, мәденият ҳәм экономика тараўларында жаңа имканиятлар жаратпақта. Соның менен бирге, келешекте бул бағдардағы бирге ислесиў және де күшейиўи күтилмекте, себеби Японияның жетилискен инфраструктурасы ҳәм өзбекстанлылар арасында артып атырған қызығыўшылық бул процессти жеделлестирмекте.
Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА
ӨзА