Эмиль Гариев: Креатив пикирлеўди раўажландырмастан турып, бәсекиге шыдамлылыққа ерисип болмайды

Москва қаласында болып өткен Жәҳән атом ҳәптелиги шеңберинде “Global HackAtom” чемпионаты шөлкемлестирилди.
Онда Ташкенттеги “ММФИ” Миллий изертлеў ядро университетиниң филиалы студентлери қатнасты.
ӨзА хабаршысының усы филиалдың студенти Эмиль Гариев пенен сәўбети усы ҳаққында болды.
– Мен филиалдың “Ядро физикасы ҳәм технологиялары” бағдарының 3-курс студентимен, – деди ол. – Бәринен бурын, бул чемпионатқа қатнасыўымыз ҳәр тәреплеме пайдалы болды.
Жарыс ҳаққында тоқтап өтсем, ол “Росатом” мәмлекетлик корпорациясы тәрепинен шөлкемлестирилди. Онда дүньяның он мәмлекетинен, соның ишинде, Өзбекстаннан да 50 ден аслам жаслар қатнасты. Қатнасыўшылардан 2100-жылға шекемги дәўирде атом технологиялары жәрдеминде космосты өзлестириў бойынша жойбар усыныў талап етилди.
Биз топарымыз бенен кең көлемли жойбар үстинде ислеп, “Космослық Жипек жолы” концепциясын алға қойдық. Жойбар ядро технологияларын раўажландырыў арқалы жақын 75 жыл ишинде Ай ҳәм Марсты колонияластырыў имканиятын нәзерде тутады. Онда ядролық технологиялар тек ғана энергия ислеп шығарыўда емес, ал туқымларды радиация арқалы қайта ислеў процесинде де қолланылады. Бул болса өсимликлердиң Ай ямаса Марс топырағына бейимлесиўине жәрдем береди. Яғный, ядро технологиялары жәрдеминде туқымларда басқарылатуғын мутациялар жүзеге келтирилип, космослық орталыққа бейимлесиўшеңлик арттырылады.
– Финал нәтийжелери сиз күткендей болды ма?
– Расын айтсам, биз ушын жеңистен гөре тәжирийбе топлаў имканияты әҳмийетлирек еди. Бундай ири халықаралық жарыста қатнасыў, ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген, миллий сайлап алыў басқышынан табыслы өткен командалар менен имканиятларымызды салыстырыў жүдә қызық болды.
Сол арқалы тек ғана өзимиздиң емес, ал басқа қатнасыўшылардың да таярлық дәрежесин баҳалап, қайсы тараўларда үстинликке ийе екенимизди ямаса қай тәреплеримизди буннан былай да раўажландырыў керек екенин анықлап алдық.
Бундай абырайлы илажда мәмлекет атынан қатнасыў оғада үлкен жуўапкершилик. Әсиресе, илим тараўы бойынша өткерилген ҳәм Россия атом санаатының 80 жыллығына бағышланған жарыста қатнасыў усындай сезимди және де күшейтеди. Презентация процесинде курсласларымыздың қоллап-қуўатлаўы бизлерге күш ҳәм исеним бағышлады.
– Бундай абырайлы халықаралық таңлаўларда бәсекиге шыдамлы болыў ушын студентлеримиз қандай көнликпелерди раўажландырыўы керек, деп есаплайсыз?
– Бириншиден, мектеп оқыўшылары ҳәм студентлерде бәсекилесиў тилегин қәлиплестириў зәрүр. Бул бағдарды системалы түрде раўажландырыў керек. Бизиң жоқары билимлендириў мәкемелеринде жетерли дәрежеде қәбилетли жаслар бар ҳәм олар усындай халықаралық ареналарда өз потенциалын көрсетиў имканиятына ийе.
Екиншиден, креатив пикирлеўди раўажландырыў әҳмийетли. Тилекке қарсы, техникалық бағдардағы көплеген жоқары оқыў орынларында дөретиўшилик пикирлеўди қәлиплестириўге бағдарланған пәнлер жетерли емес. Европа мәмлекетлеринде бул мәселеге үлкен итибар бериледи, оларда студентлердиң креативлик қәбилетин раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратылған. Қайсы қатнас нәтийжелирек екенин анық айтыў қыйын, бирақ бул жарыста бизге креатив пикирлеў жетиспей атырғанын аңладық.
– Чемпионатқа қатнасыў таңлаған кәсибиңиз ҳаққындағы көзқарасларыңызға қандай тәсир көрсетти?
– Бул қатнасқаным маған жүдә көп түрли мағлыўматлар берди. Ҳәр қандай жаңа мағлыўмат, әлбетте, инсанның дүньяға көзқарасына тәсир етеди. Мәселен, шығыўымыз алдынан “Росатом” космос кемелери ушын плазмалы двигательлер сынағынан табыслы өткени ҳаққындағы хабарды еситтик. Бул хабар кеңисликти өзлестириў дәўири жақынласқанын көрсетти.
Қысқасы, космосты изертлеў имканиятлары артып бармақта. Сол себепли, ядро физикасынан тысқары, космос тараўына да тереңирек кириў тилеги пайда болды. Жаңаланып атырған мағлыўматлар нәтийжесинде сондай күшли мотивация пайда болып атыр, ол инсанды және де излениўге ийтермелемекте.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА