Ерназар палўанның жеңиси
79

Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында спорттың дзюдо түринен «Aktau Asian Judo Open 2025» турнири болып өтти.
Еки күн даўам еткен халықаралық жарыста дүньяның 10 нан аслам мәмлекетинен күшли палўанлар қатнасып, онда Өзбекстан Республикасы сайланды командасы 5 алтын, 3 гүмис ҳәм 8 қола медалы менен улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул абырайлы жарыста республикамыз ўәкили Ерназар Сәрсенбаев -100 кг салмақта барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды.
Пурсаттан пайдаланып, спортшымызды ҳәм оның тренерлерин бул ерискен табысы менен қутлықлаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги