Өзбекстан-Германия: Топырақтаныў перспективалары бойынша бирге ислесиў
90

Бүгинги күнде мәмлекетимиз ҳәм Германия Федеративлик Республикасы арасында бирге ислесиў байланыслары беккем жолға қойылған. Әсиресе, аўыл хожалығында бул бирге ислесиў заманагөй үскенелер ҳәм тараўдағы унамлы нәтийжелерге түртки болмақта.
Атап айтқанда, “Топырақ таллаў орайы” менен Германия изертлеў қоры ҳәм Германия Федерал изертлеў, технология ҳәм космос министрлиги делегациясы арасында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда еки тәреплеме биргеликтеги изертлеўлер шеңберинде жер деградациясының алдын алыў ҳәм топырақ саламатлығы перспективалары додаланды.
Сондай-ақ, тәреплер бирге ислесиў мәселелерине айрықша тоқтап, алдағы жаңа режелер ҳәм мақсетлерге итибар қаратты.
Гулноза Бобоева,
ӨзА