Үлгили қызлар  — жәмийетимиз көрки

89

Тахтакөпир районы Мәденият орайында 11-октябрь – “Халықаралық қызлар күни” мүнәсибети менен кең көлемли байрам илажы болып өтти.

Оған район ҳәкиминиң орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Г.Сейтназарова, районда жайласқан мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, билимлендириў орынларының оқыўшылары, белсенди қызлар ҳәм олардың аналары қатнасты.

Байрам илажында сөзге шыққанлар қызлардың жәмийеттеги орны, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеўи ушын елимизде Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққында айтып өтти.

Өткерилген илаж даўамында билимлендириў, көркем өнер, спорт ҳәм жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып, үлгили минез-қулқы менен өрнек болып киятырған қызлар ҳәм олардың аналары район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм Миннетдаршылық хатлары менен сыйлықланды.

Илаж мәденият бөлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен көтериңки руўхта даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы