Сырт елде мийнет етип атырған пуқараларымызға да ипотека субсидиясы ажыратылады (+видео)

99

Өзбекстанда халықтың турақ жай шараятын жақсылаў мақсетинде мәмлекет тәрепинен әмелге асырылып атырған социаллық бағдарламалар арасында ипотека кредити тийкарында субсидия ажыратыў системасы үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Ең әҳмийетлиси, усы жылдан баслап сырт елде мийнет етип атырған пуқаралар – мигрантлар да бул имканияттан пайдаланыў мүмкиншилиги жаратылды.

Усы жылы енгизилип атырған жаңалықлар ҳәм олардың әмелдеги нәтийжелери ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлиги Ипотека ҳәм субсидия бағдарламаларын муўапықластырыў бөлиминиң жетекши қәнигеси Шаҳбоз Зокиров пенен сәўбетлестик.

Дәслеп субсидия ҳаққында қысқаша мағлыўмат берип өтемиз. Субсидия – бул дәраматы жоқары болмаған пуқараларға турақ жай сатып алыўда жәрдем бериў мақсетинде мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын қайтарылмайтуғын финанслық жәрдем. Бул жәрдем арқалы пуқараларға турақ жайдың 30 миллион сумға шекемги басланғыш төлеми ҳәм ипотека кредити бойынша дәслепки 5 жылдағы процент ставкасының 12 проценттен артық бөлеги мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. 2025-жыл ушын мәмлекетлик бюджеттен усы мақсетте 2,5 триллион сум қаржы ажыратылған.

– Кимлер субсидия алыў ҳуқықына ийе?

– Биринши гезекте жас шаңарақлар, көп балалы шаңарақлар, майыплығы болған шахслар, кем тәмийинленген пуқаралар ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шахслар субсидия алыў ҳуқықына ийе. Сондай-ақ, “labor-migration” бағдарламасында дизимнен өткен мийнет мигрантлары да бул жеңилликтен пайдаланыў ҳуқықына ийе болып есапланады.

– Мигрантларға да субсидия ажыратылатуғыны белгиленди. Бул система қалай ислейди?

– Аўа, быйылғы ең әҳмийетли жаңалықлардан бири мине, усы. Алдын сырт елде жумыс ислеп атырған пуқаралар ипотека кредитин алыўда “Өзбекстанда рәсмий дәраматы жоқ” деген себеп пенен бийкар жуўабын алған. Енди болса олардың сырт елден жиберген пул өткермелери рәсмий дәрамат сыпатында қабыл етиледи.

Мийнет мигрантлары “labor-migration” электрон платформасы арқалы дизимнен өткен болыўы керек. Олар арзаны шаңарақ ағзалары ямаса ўәкил арқалы исеним хаты тийкарында да тапсырыўы мүмкин.

Арзалар балл системасы тийкарында баҳаланады – дәрамат, шаңарақлық жағдай, турақ жай шараяты ҳәм социаллық өлшемлер есапқа алынады. 30 балл ҳәм оннан жоқары нәтийже топлаған пуқаралар субсидия алыўға ажыратылады.

– Усы жылы неше пуқара субсидия хабарнамасын алды?

– Усы жылы 30 мың пуқараға ипотека субсидиясы бойынша хабарнама берилди. Соннан 15 мың 114 ине субсидия қаржылары төлеп берилди.

2020-2025-жыллар даўамында болса жәми 84 мың 419 пуқараға мәмлекет тәрепинен процент қәрежетлериниң бир бөлеги қаплап берилген.

1-октябрь жағдайына бола, усы жылы 1,5 триллион сумнан аслам қаржы төлеп берилген ҳәм жылдың ақырына шекем қаржыландырыў даўам етеди.

– Арзалар қандай тәртипте қабыл етиледи ҳәм процесстиң ашық-айдынлығы қалай тәмийинленеди?

– Бүгинги күнде барлық арзалар my.gov.uz арқалы электрон түрде қабыл етиледи. Бул система толық автоматластырылған болып, арза бериўши өз мүрәжатының жағдайын онлайн бақлап барыўы мүмкин.

Арзалар 7 жуўапкер уйымның мағлыўматлар базалары менен электрон салыстырылады. Қарарлар электрон тәризде қабыл етилип, пуқараларға QR-кодлы хабарнама жибериледи. Бул инсан факторын минималластырып, коррупцияның алдын алатуғын әҳмийетли қәдем.

– Айырым пуқаралар субсидия алыўдан шетте қалмақта. Буның себеби не?

– Тийкарғы себеплерден бири ҳүжжетлердиң толық болмағаны ямаса мағлыўматларда қәтеликлер болыўы. Сондай-ақ, пуқара алдын мәмлекет жәрдеминде турақ жай алған болса ямаса қарыз жүги жоқары болса, арзасы бийкар етиледи.

Сондай-ақ, ҳәр бир аймақ ушын белгиленген квота тамамланған жағдайларда да арзалар кейинги нәўбетке қалдырылады. Бирақ пуқаралар кейин ала және арза тапсырыў ҳуқықына ийе.

– Бул бағдарлама турақ жай базарына қандай тәсир етпекте?

– Субсидия системасы қурылыс тараўын жеделлестирди. Мәселен, 2024-жылы 100 мың квартира қурылған болса, 2025-жылы бул көрсеткиш 135 мыңға жетти.

Қурылыс компаниялары арасында бәсеки күшейди, бул сапа артыўына хызмет етпекте. Банклер де ипотека шәртлерин пуқаралар ушын және де қолайлы етиў бойынша бәсекиге киристи.

Бул бағдарлама тек ғана турақ жай тараўын емес, ал экономиканың улыўма белсендилигин де арттырмақта.

– Бул бағдарламаның әҳмийетин қалай баҳалайсыз?

– Ипотека субсидиясы – бул тек ғана қаржылай жәрдем емес, ал ҳәр бир шаңарақтың турақ жайға ийе болыў әрманын әмелге асырыўдағы әҳмийетли қәдем деп билемен. Енди бул имканияттан сырт елде мийнет етип атырған пуқаралар да пайдаланыўы мүмкин. Бул олардың турақ жайға ийе болыўына имканият жаратады. Қалаберди, буны олардың мәмлекет экономикасына қосып атырған үлесин хошаметлеў, деп есаплайман.

 

Шаҳноза Маматуропова,

Дониёр Ёқубов (видео),

ӨзАның хабаршылары