“Тумарис избасарлары” таңлаўы жуўмақланды

179

Елимиздиң әскерий структураларында мәртлерше, Ўатанға садықлық ҳәм пидәкерлик пенен хызмет етип атырған ҳаял-қызлар аз емес. Мине, усындай апа-сиңлилеримиздиң қатнасыўында өткерилген “Тумарис избасарлары” республикалық таңлаўы жуўмақланды.

Төрт күн даўам еткен бул таңлаў елимизди қорғаў жолында мийнет етип атырған мәрт ҳаял-қызлардың потенциалын, билимданлығын, физикалық ҳәм кәсиплик таярлығын көрсеткен әҳмийетли майдан болды.

Таңлаўдың республикалық басқышы “Жаңа Өзбекстан” бағында жайласқан “Ғәрезсизлик монументине” гүл қойыў мәресими менен басланды. Мәресимде елимиздиң тынышлығын тәмийинлеў жолында қайтыс болған пидайы перзентлердиң естелиги еске алынды.

Таңлаў даўамында Қорғаныў, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия ҳәм Бажыхана комитети системасында жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлардан ибарат 6 команда өз-ара күш сынасты.

Қатнасыўшылар өз билимлери, физикалық ҳәм әскерий таярлық дәрежеси, дөретиўшилик потенциалы ҳәм жәмәәтлик бирге ислесиў бойынша бир неше шәртлер шеңберинде сынақтан өтти. Барлық басқышлар – таныстырыў, интеллектуаллық сораўлар, әскерий-әмелий таярлық, оқ атыў, физикалық шынығыўлар, дөретиўшилик шығыўлар ҳәм турмыслық көнликпелерге тийкарланған тапсырмалардан ибарат болып, баҳалаў тараўдың жетик қәнигелери тәрепинен әдил өлшемлер тийкарында алып барылды.

Таңлаў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетинде әскерий хызметкер ҳаял-қызлардың қатнасыўында салтанатлы парад та шөлкемлестирилди. Жарыслар жоқары руўхта, саламат бәсеки ҳәм ўатансүйиўшилик орталығында өтти.

Сыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшы ҳаял-қызларды қутлықлады.

– Таңлаўда қатнасқан ҳәр бир қатнасыўшы жеңимпаз, – деди Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Маҳкамова. – Себеби, бул таңлаўда қатнасыўдың өзи мәртлик болып есапланады. Бүгин бул сахнада тек ғана сыйлы орын ийелери емес, ал Ўатанды қорғаўға таяр мәрт ҳаял-қызларымыздың күш-ғайраты жәмленген. Тумарис сыяқлы мәрт, Ўатанға садық ҳаял-қызларымыз бүгин де әскерий структураларда мәртлерше хызмет етпекте.  Олардың ҳәр бири өзиниң хызмет ўазыйпасын орынлаў менен бирге жас әўлад ушын ҳақыйқый үлги болып есапланады. Бизиң мақсетимиз мине усындай пидайы, ўатансүйиўши ҳаял-қызлардың қатарын және де кеңейтиў, оларды хошаметлеў ҳәм қәдирлеў болып табылады.

“Тумарис избасарлары” республикалық таңлаўының жуўмағы бойынша биринши орынға Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметинде жумыс алып барып атырған апа-сиңлилеримиздиң жәмәәти мүнәсип деп табылды.

Екинши орынға Миллий гвардия командасы, үшинши орынға Ишки ислер ҳәм Қорғаныў министрлиги командалары ийе болды.

Айрықша жағдайлар министрлигиниң ҳаял-қызлары “Белсенди ҳәм татыў команда” ҳәм Бажыхана комитетиниң ҳаял-қызлары “Ең шебер команда” номинацияларында жеңимпаз болды.

Таңлаў жеңимпазлары ақшалай сыйлықлар, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети және бирге ислесиўши министрликлер менен уйымлардың диплом ҳәм баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Бул таңлаў елимизде ҳаял-қызларға көрсетилип атырған итибардың, олардың жәмийеттеги абырайын беккемлеў жолындағы избе-из сиясаттың және бир әмелий дәлили болды.

Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы