Өзбекстан ҳәм Беларусь тутыныўшылар шөлкемлери арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

67

Усы жылдың 6-7-октябрь күнлери Беларусь Республикасының пайтахты Минск қаласында болып өткен «Антиконтрафакт-2025» XIII Халықаралық форумы шеңберинде Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы ҳәм Беларусь Тутыныўшыларды қорғаў жәмийети арасында бирге ислесиў ҳаққындағы Меморандумға қол қойылды.

Бул ҳүжжет еки мәмлекет арасында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, трансшегаралық мүрәжатлар, электрон саўда ҳәм туризм бағдарларында биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға қаратылған.

Илажда еки шөлкемниң басшылары, тараў қәнигелери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Ушырасыў ўақтында тәреплер тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў системасын жетилистириў, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў ҳәм санластырыў арқалы пуқаралардың мәплерин нәтийжели тәмийинлеў мәселелери бойынша пикир алысты.

Беларусь Тутыныўшыларды қорғаў жәмийетиниң баслығы Анна Суша өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы кейинги жыллары тутыныўшылардың ҳуқықларын тәмийинлеў тараўында әмелге асырып атырған системалы реформалар, халықтың хабардарлығын арттырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен нәтийжели бирге ислесиў арқалы дүнья көлеминде мүнәсип абырайға ийе болып атырғанын атап өтти.

Ушырасыў даўамында тәреплер тутыныўшылардың мүрәжатларын көрип шығыўда заманагөй электрон платформалардан пайдаланыў, еки мәмлекет пуқараларының қатнасыўындағы трансшегаралық саўда келиспеўшиликлерин жедел шешиў механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм оқыў бағдарламаларын шөлкемлестириў мәселелери бойынша келисип алды.

Меморандумға қол қойылыўы ҳәр еки шөлкем арасындағы әмелий бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, бирге ислесиў шеңберинде қоспа илажлар, семинарлар ҳәм жәмийетлик мониторинглер өткериў ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратыўы менен әҳмийетли.

Сондай-ақ, тәреплер келисимди әмелге асырыў шеңберинде турақлы жумысшы топар дүзиў, мәлимлеме алмасыў системасын жолға қойыў ҳәм халықаралық тутыныўшылар шөлкемлери шеңберинде биргеликтеги басламаларды алға қойыў бойынша да келисимге еристи.

Ҳамроз Баянов, ӨзА