Жасалма интеллект инсаният ушын қәўипли ме?

Коммерциялық емес Машина разведкасы изертлеў институты – “Machine Intelligence Research Institute” басшысы, “Google” ҳәм “Microsoft”тың бурынғы инженери Нейт Соарестиң пикиринше, жасалма интеллект ҳәзирги пәтте раўажланса, адамзаттың жоқ болып кетиў итималы “кеминде 95 процент” екен. Британияның “Times” газетасы усылай жазған.
Мақалада атап өтилиўинше, қәниге жағдайды жоқары тезликте жартасқа қарай ҳәрекетлениў менен салыстырған.
– Яқ, машинаны тоқтата алмаймыз деп атырғаным жоқ, бирақ биз бар тезликте жартасқа қарай асығып атырмыз, – деп оның сөзлерин келтирген басылым.

Берилиўи мүмкин болған бир сценарий бойынша, жасалма интеллект “биологиялық қурал жаратып үлкен қалалар бойлап тарқатыўы мүмкин. Бул болса ҳеш кимге сездирмей дерлик ҳәммени зәҳәрлеў итималын жүзеге келтиреди.
2024-жылы БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш те жасалма интеллект инсаният ушын экзистенциал қәўип туўдыратуғынын, мәмлекетлер кеш болмастан жасалма сананы тәртипке салыўы кереклигин айтқан еди.

Жасалма интеллекттиң раўажланыўы бойынша жедел изертлеў алып барып атырған америкалы исбилермен Илон Масктиң атап өтиўинше, универсал жасалма интеллект (ЖИ) жаратылғаннан кейин дүнья симуляцияға айланады. Оның пикиринше, ЖИ өзин-өзи аңлаў ҳәм пикирлеў қәбилетине ийе болғанда дүнья симуляцияға уқсап қалады ҳәм жер жүзинде инсан жәрдемши белги сыпатында ислей баслайды.
Социаллық тармақ пайдаланыўшыларынан бири күшли ямаса улыўмалық интеллект деп те аталатуғын универсал жасалма интеллект (AGI) жаратылса, “биз тек ғана симуляцияда жәрдемши қаҳарманларға айланамыз”, деп жазған еди.

Улыўма жасалма интеллект бир ўақытлары өзин-өзи аңлаў ҳәм пикирлеў қәбилетине ийе болатуғынына исеним бар – бул ҳақыйқат, – деп тәшўишли түсиник қалдырған Маск.
Миллиардер “Егер ЖИ ҳәр қандай ўазыйпаны инсаннан жақсырақ орынлаўды үйренсе не болады?” деген сораўды ортаға таслайды.
Робот биз ушын ислесе, адам ўақтын неге сарплаўы мүмкин екенлиги ҳаққында соралғанда, Илон бул жағдайды пенсияға шығыў менен салыстырды.
– Компьютер ҳәм робот барлық исти бизден жақсырақ ислесе, турмысымызда қандай да бир мәнис қала ма? – дейди Маск социаллық тармақ арқалы эфирге узатылған “Stagwell” маркетинг компаниясының директоры Марк Пенн менен сәўбетинде. – Бул аўыр сораў ҳәм мен де усы ҳаққында ойлап атырман.

Алдынырақ Маск 2025-жылдың ақырына шекем жасалма интеллект ҳәр қандай жумысты ислей алатуғынына, 2030-жылға келип болса барлық инсанлардың ақыл-ойынан озып кетиўине исеним билдирген еди.
Дүньяны ақыллылар басқарады – ҳәр дайым сондай болған. Пикир раўажланыўды тәмийинлейди. Енди болса мийи қандай да бир жинишке талшықлар, кишкене чиплер менен толтырылған темир, Илон Маск атап өткениндей, адамларды жалпы түрде “пенсияға шығараман” деп турса… Бул оғада қәўетерге салатуғын жағдай, тийкарында.
Саидмурод Раҳимов,
ӨзА шолыўшысы