Нәшебентлик айыплаўы: Түркияда белгили шахслар экспертизаға шақырылды

Түркияда 19 белгили көркем өнер ғайраткерлери ҳәм ғалаба хабар қуралының ўәкилине қарата нәшебентлик затлардан пайдаланыў менен байланыслы айыплаў қойылып, тергеў алып барылмақта. Стамбул бас прокуратурасы басшылығында басланған процессте бир неше белгили қосықшы, актёр, телебаслаўшы ҳәм социаллық тармақ жулдызлары сораў ҳәм қан анализинен өтиў ушын тартылды.
Жергиликли ҒХҚ хабарына бола, олардың көпшилиги медициналық тексериўден соң қамаққа алынбай, азат етиледи. Себеби, тергеўдиң ҳәзирги басқышы тек ғана мағлыўмат жыйнаўды нәзерде тутады.
Мәмлекет нызамшылығына бола, нәшебентлик қуралларын жеке мүтәжлиги ушын пайдаланған, яғный тутынған пуқаралар жазаға тартылмайды, ал емлениў ямаса реабилитацияға жибериледи ямаса дүзелиў ушын сынақ мүддети белгиленеди.
Бул әмелият көркем өнер тараўы ўәкиллерине басым артып баратырған ўақытқа туўра келди. Мәселен, белгили поп қосықшысы Мабел Матиз қосығындағы сөзлер “әдеп-икрамлылық нормасын бузады” деп табылып, оған үш жылға шекем еркинен айырыў талабы менен ис ашылған.

Сондай-ақ, “Манифест” атлы қызлар топары да “әдепке қайшы ҳәрекетлери” ушын судқа тартылған.
Түркия ҳүкимети соңғы жыллары нәшебентлик ҳәм нызамсыз саўда менен байланыслы ҳәрекетке қарсы гүрес күшейтилгенин жәриялаған. Мәселен, быйыл апрель айында Анкарада өткерилген кең көлемли арнаўлы әмелият шеңберинде 525 гүманланыўшы қолға алынған еди. Бул мәмлекет тарийхындағы ең ири наркотик рейд сыпатында тән алынған.
Муслим Зиё, ӨзА