Стратегиялық бирге ислесиўдиң жаңа басқышы

Мүнәсибет
Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң АҚШқа рәсмий сапары мәмлекетимиздиң сыртқы сиясаты ҳәм экономикалық реформалары жолында әҳмийетли қәдем сыпатында тарийхта қалатуғыны сөзсиз. Соның менен бирге тек ғана еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди беккемлеп қоймастан, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын арттырыў, экономикалық турақлылық ҳәм стратегиялық мақсетлерге ерисиў жолында жаңа имканиятларды ашты.
Сапар шеңберинде АҚШтың ири қаржы институтлары ҳәм корпорациялары менен бир қатар шәртнамаларға қол қойылды. Бул келисимлер мәмлекетимизге миллиардлап долларлық инвестицияларды тартыўға тийкар жаратады. Соның ишинде, энергетика, транспорт, аўыл хожалығы, санлы экономика ҳәм санаат тараўларында ири жойбарлардың әмелге асырылыўы режелестирилген. Бул өз гезегинде, өндирис көлемин арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм экспорт потенциалын кеңейтиўге хызмет етеди.
Заманагөй технологияларды Өзбекстанға тартыў сапардың тийкарғы бағдарларынан бири болды. АҚШтың инновациялық компаниялары менен бирге ислесиў жергиликли өндиристи модернизациялаў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў имканиятын бериўи күтилмекте. Бул “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген мақсетлерге толық сәйкес келеди.
Президентимиз ушырасыўлар даўамында билимлендириў ҳәм инсан капиталы мәселесине айрықша итибар қаратып, АҚШтың абырайлы университетлери, илимий орайлары менен бирге ислесиў бағдарламалары ислеп шығылды. Оған бола, жасларымызды заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе қәниге сыпатында таярлаў, илимий излениўлерди, тәжирийбе алмасыўды күшейтиў нәзерде тутылмақта.
АҚШ пенен биргеликте қайта тикленетуғын энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыўға қаратылған жойбарлардың әмелге асырылатуғыны белгиленди. Қуяш ҳәм самал энергиясы тараўындағы басламалар тек ғана энергетикалық бийғәрезликти тәмийинлеп қоймастан, ал экология ҳәм турақлы раўажланыў ушын да үлкен әҳмийетке ийе.
Президент Ш.Мирзиёевтиң АҚШқа сапары Өзбекстанның халықаралық майдандағы жаңа имиджин айқын көрсетти. Қол қойылған келисимлер ҳәм белгиленген басламалар елимиздиң экономикалық жақтан өсиўи, инвестициялық орталықты жақсылаў, жаңа технологияларды тартыў ҳәм инсан капиталын раўажландырыўда шешиўши әҳмийетке ийе.
Бул сапар тек ғана еки мәмлекет қатнасықларын жаңа басқышқа алып шыққаны емес, ал Өзбекстанның келеси жыллардағы тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлерин тәмийинлеў, халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген мақсетлерге ерисиў жолында үлкен қәдем болып хызмет ететуғыны анық.
Руслан Джумамуратов,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги