Суўды үнемлеў – заман талабы

Халықаралық Аралбойы инновация орайының Нөкис районындағы ғәлле ҳәм мийўе-овощ жетистириўге мөлшерленген атызында “Суўды үнемлейтуғын технологиялардың абзаллықлары ҳәм жеңилликлери” атамасында көргизбели семинар өткерилди.
Илажда Халықаралық Аралбойы инновация орайының директоры Б.Ҳабибуллаев Қарақалпақстанда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў зәрүрлиги ҳәм ерисилип атырған нәтийжелер ҳаққында толық мағлыўмат берди.
Сондай-ақ, семинарда Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаатты раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Қ.Ачилов, Суў хожалығы министрлигиниң сектор баслығы А.Қидирбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизген аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге тийисли қарарлар тийкарында жеңилликлер берилип атырғаны ҳаққында кең түрде мағлыўмат берип өтти.
Атап өтилгениндей, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў бойынша Нөкис районында да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, өткен 2021-2025-жыллар даўамында 6 фермер хожалығы тәрепинен 110 гектар майданға тамшылатып, 12 фермер хожалығы 362 гектар егислик майданларына жаўынлатып суўғарыў технологиялары енгизилген.
Суўшылар, қурылыста жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалардың ўәкиллери ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилер қатнасқан илаж жуўмағында жуўапкерлерге суўды үнемлеўши технологиялардың абзаллықларын кеңирек түсиндириў ҳәм қәрежетлердиң бир бөлегин мәмлекетлик бюджет есабынан субсидия тийкарында қаплап бериў тәртиплери енгизилгенин кеңирек түсиндириў бойынша тапсырмалар берилди.


Илаж қатнасыўшылары атызға орнатылған суўды үнемлеўши технология ҳәм оның ислеў процесслери менен жақыннан танысты. Бул технологияны орнатыўға қызығыўшылық билдиргенлер қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына ҳәр тәреплеме жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги