Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды

50

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-октябрь күни әмелий сапар менен Тәжикстан Республикасына келди.

Душанбе халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Тәжикстан Республикасы Бас министри Коҳир Расулзода ҳәм басқа рәсмий  шахслар күтип алды.

Сол күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонниң ушырасыўы  болып өтти.

Сөйлесиў алдында Өзбекстан жетекшиси Тәжикстан Президентин Ғәрезсиз  Мәмлекетлер Дослық Аўқамына басшылығы нәтийжели болғаны менен  қызғын қутлықлады ҳәм “Орайлық Азия – Россия” форматындағы болажақ  ушырасыў ҳәм ҒМДА саммити табыслы өтиўин тиледи.

Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Еки тәреплеме бирге ислесиў унамлы пәт пенен раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми, авиақатнаўлардың саны артып бармақта.

Өз-ара саўданы көбейтиў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа тийкарғы бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша муўапықластырылған  илажларды қабыл етиўге айрықша итибар қаратылды.

Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў ҳәм нәтийжели аймақлараралық қатнасықларды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер, соның ишинде, усы жыл ноябрь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын  Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў бойынша толық пикир алысылды.

ӨзА