Президент Шавкат Мирзиёев “Орайлық Азия – Россия” саммитинде бир қатар басламаларды алға қойды:

88

Муўапықластырыўшы кеңес дүзиў (ҳүкимет басшыларының орынбасарлары дәрежесинде).

“Орайлық Азия – Россия агроэкспреси” жойбарын иске түсириў.

Транспорт-логистика контурын ислеп шығыў.

Бухарада Санаат инжиниринг хабын шөлкемлестириў.

Ташкенттеги “Иннопром. Орайлық Азия” көргизбесине регионның тийкарғы санаат ҳәм инновация майданы статусын бериў.

Өзбекстанда атом энергетикасы бойынша Регионаллық компетенциялар орайын ашыў.

“Орайлық Азия ҳәм Россия энергетикалық шериклиги” комплексли бағдарламасын ислеп шығыў.

Жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар бойынша Регионаллық эксперт кеңесин шөлкемлестириў.

“Келешек инженерлери” консорциумын дүзиў ҳәм жас илимпазлар ушын Арнаўлы грантлар бағдарламасын шөлкемлестириў.

Ҳәр жылы Этномәденият форумын (халықлар мәденияты, көркем өнери ҳәм дөретиўшилиги фестивалын) өткериў.

Терроризм, экстремизм ҳәм басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў және Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги мәсләҳәтлесиўлерди өткериў.